Мәмлекетимизде халықтың санын анық есаплап шығып, олардың жынсы, жасы, турмыс дәрежеси, мағлыўматы, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәмде басқа демографик, социаллық-экономикалық дәрежеси бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен “Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткизиў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Пәрманы имзаланды.
Усы ҳүжжет пенен тастыйықланған концепцияға тийкар Өзбекстанда 2022- жылда халықты дизимге алыў ислери алып барылыўы көзде тутылған. Бунда тек ғана әмелият тәризинде өткерилиўи белгиленген болып арнаўлы қала ҳәм районлар белгилеп алынған.
Концепцияға көре, ҳәр бир жуўапкер шөлкемлерге тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген ҳәм халықты дизимге алыўды өткизиў бойынша жуўапкер орган Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети есапланады.
Халықты дизимге алыў 3 басқышта әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, халықты дизимге алыў ўақтында, және бир әҳмийетли ўазыйпаны орынлаў көзде тутылған. Бул аймақларды карталаў, елатлы пунктлердеги үйлердиң дизимин дүзиў менен байланыслы мәселе, турақ ҳәм натурақ жайлардың анық саны, ҳалаты, пайдаланылмай турған яки мүддети өткен имәратларды белгилеп алыў менен тийисли аймақларда үй-жай, санаат объектлерин қурыў ҳәмде оңлаў мәселелерине айдынлық киритиў мүмкин болады.
Буннан тысқары, пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасында 2022- жылда халықты дизимге алыўды өткизиўге тийисли комплекс ис-илажлар дәстүри ҳәм тастыйқланды. Тийисли пәрман менен мәмлекетимизде 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткизиўге көмеклесиў бойынша республка ҳәм орынларда жергиликли комиссиялар шөлкемлестирилди. Олардың тийкарғы ўазыйпалары аймақларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў, өткизиў ҳәм нәтийжелерин дағаза етиўге тийисли ис-илажлардың өз ўақтында ҳәмде сыпатлы орынланыўын тәмийнлениўидир.
Дизимге алыў ўақтында топланатуғын статистикалық мағлыўматлар ендилигинде бирден-бир электрон мағлыўматлар дизимине киритиледи. Нәтийжеде республикамыздың қаласы, районы, мәҳаллеси көшеси, алыс аўылларына байланыслы бәрше мағлыўматты өзинде сәўлеленген бирден-бир мағлыўматлар базасына ийе болады. Бул қымбатлы мағлыўматлар болса бүгин, ертеңги ҳәм жақын келешек әўладларымыз ушын жүдә зәрүр.
Шоманай районы статистика бөлими