МҮНӘСИБЕТ
Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына, атап айтқанда, билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, 6 жасар балаларды мектепке таярлаў топарларында оқытыў зәрүрлиги, бундай топарларды шетки аймақларда шөлкемлестириў кереклиги бизди айрықша қуўандырды.
Келеси оқыў жылында баслаўыш классларда мәмлекетлик билимлендириў стандартының орнына алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында, балаға артықша жүклеме бермейтуғын «Миллий оқыў бағдарламасы» ислеп шығылып, оқыў-қолланбаларының, сабақлықлардың жаңа әўладын жаратыўға айрықша итибар қаратылады.
Буннан тысқары, 30 жаңа мектеп қурыў, 320 мектепти оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде бюджеттен 2 триллион сум ажыратылыўы тараўға болған айрықша итибардың әмелдеги көриниси болып табылады. Бүгинги күни билимлендириў тараўындағы тийкарғы машқалалардың бири бул шетки аймақларда қәнигелердиң жетиспеўшилиги Мүрәжатта өз көринисин тапты. Бунда басқа райондағы алыс мектепке барып, сабақ беретуғын муғаллимлердиң айлығына 50 процент, басқа ўәлаятқа барып ислесе – 100 процент үстеме ҳақы төлениўи, атап өтилген машқаланың шешимине хызмет етеди.
Президентимиз жәмийетте оқытыўшы кәсиби ең абырайлы кәсип болыўы керек,-деп тараў пидайыларының мийнетине және бир мәрте жоқары баҳа берди. Жасларға сапалы билим бериў, оларға мийнет көнликпелерин мектеп дәўиринен баслап қәлиплестириў мақсетинде муғаллимлердиң кәсиплик билимин жетилистирип барыў жолға қойылады, категория бериў нормалары да қайта көрип шығылады. Балаларға сапалы билим бериўи ҳәм өз үстинде ислеўден басқа нәрсе ҳаққында ойламаўы ушын мәмлекет тәрепинен оларға барлық шараятлар жаратып бериледи. Бул кәсип ийелерине және де күш-қуўат бағышлайды.
Елимиздиң келешеги мектептен басланады. Сонлықтан да, жас әўладқа сапалы тәлим–тәрбия бериў, Ўатанымыздың келешегине өзиниң салмақлы үлесин қоса алатуғын, миллий қәдириятларымызды көздиң қарашығындай сақлайтуғын жасларды тәрбиялаў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.
2021-жылға «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп атама берилиўи, жасларымыз ҳәм халықтың саламатлығы ҳәмийше итибарда екенлигинен дәрек береди. Ғәрезсиз елимиздиң раўажланған мәмлекетлер қатарынан беккем орын ийелеўинде бүгинги жасларымыздан үмитимиз көп.
Замира АЛЛАНИЯЗОВА,
Шоманай районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Өзбекстан халық билимлендириўиниң ағласы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги