Усы жылдың 30-декабрь күни Шоманай районы аймағындағы 9 бағыўшысынан айрылған балаларға Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң жаңа жыл саўғасын район ҳәкими Б.Янгибаев сектор баслықлары менен биргеликте жасаў мәнзиллерине апарып берилди.
Сондай-ақ байрам менен қутлықлап жақсы тилеклерин билдирди. Балаларды өз қәўендерлигине алған бағыўшылары Президентимизге рахметлерин айтып миннетдаршылық билдирди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon