ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ ШОМАНАЙ РАЙОНЫ КЕҢЕСИНИҢ Ш Е Ш И М И | ||
2020-жыл 29–декабрь | 23/86-сан |
Шоманай районы жергиликли бюджетиниң 2021-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси («Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери
топламы» 2013-жыл 31-декабрь, 52-(I)-сан)ниң
27-статьясына тийкар, Шоманай районы жергиликли бюджетиниң
2020-жылғы дәрамат ҳәм қәрежетлери бойынша тийкарғы
көрсеткишлериниң күтилип атырған орынланыўы ҳәмде 2021-жылғы белгиленген
тийкарғы параметрлерин қарап шығып, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Шоманай районы жергиликли бюджетиниң 2020-жылғы
дәрамат
ҳәм қәрежетлер бөлегиниң тийкарғы көрсеткишлериниң күтилип атырған орынланыўы
мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Шоманай районы жергиликли бюджетиниң 2021-жыл ушын дәраматлар бойынша тийкарғы көрсеткишлери 1-қосымшаға, жергиликли бюджетиниң 2021-жыл ушын қәрежетлер бойынша тийкарғы көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Шоманай районы Қаржы бөлимине белгиленген тәртипте
тийисли жергиликли бюджетлерге қәрежетлер ҳәм бюджет ссудалары (дәрамат
ҳәм қәрежетлер арасындағы ўақтыншалық касса үзилислерди қаплаў ушын)
ажыратыўда, олардың муғдарларын район бойынша барлық салықлар
ҳәм басқа мәжбүрий төлемлердиң толық түсиўинен, сондай-ақ ис ҳақы (жеке
социаллық төлем менен), напақалар ҳәм оларға теңлестирилген төлемлер бойынша
бюджет қәрежетлери биринши нәўбетте сөзсиз қаржыландырылыўы зәрүрлигинен келип
шыққан анықластырыў ҳуқықы берилсин.
4. Шоманай районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм
кәмбағаллықты қысқартыў бойыншабиринши орынбасары – экономикалықраўажландырыў
ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлиминиң баслығы А.Қалжанов тийисли мәкемелер
басшылары менен биргеликте:
бюджет дәраматларының тастыйықланған көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў;
район ҳәкимлигиниң тийисли бюджетлер дәраматлары ҳәм қәрежетлери баланслылығына тәсир көрсетиўши норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди финанслық ҳәм экономикалық экспертизадан өткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Қаржы Министрлигине усынып барыў;
аймақларда салық салыў базасын кеңейтиў ҳәмде қаржылық жағдайын жақсылаў бойынша зәрүр иләжлер көриў;
бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў жүргизиў тапсырылсын.
5. Районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы (З.Қадиров) район жергиликли бюджетиниң дәраматлар бөлегин салық түрлери бойынша асырып барылыўын тәмийинлесин.
6. Шоманай районлық Қаржы бөлими (Б.Жарылқағанов)не:
Шоманай районы жергиликли бюджетиниң 2020-жыл даўамында жергиликли бюджет қәрежетлериниң қысқарыўы нәтийжесинде пайда болған қосымша қаржылар дереги есабынан районның социаллық-экономикалық раўажландырыў барысындағы ис-иләжлерди әмелге асырыў ушын зәрүр өзгерислер киритип барыў;
бюджеттен қаржы алыўшылардың бюджеттен қаржы менен тәмийинлеўдиң тийкарлылығын терең анализ қылып барыў;
бюджет қаржыларынан сақланыўы тийкарсыз деп табылған
ҳәм бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыў жағдайлары пайда болған бюджет
мәкемелерин қысқарттырыў мәселелери бойынша район ҳәкимлигине ҳәм тийисли
басқармаларға усыныс киритиў;
Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесине жергиликли бюджеттиң орынланыўы бойынша ҳәр шеректе есабат киритип барыў;
район ғазнашылық бөлими менен биргеликте бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы ҳәмде олардың мақсетсиз жумсалыўының алдын алыў үстинен ғазнашылық орынланыўы дастүри арқалы қатаң қадағалаўға алыў тапсырылсын.
7. Халық депутатлары Шоманай
районлық Кеңесиниң 2019-жыл
18-декабрь күнги «2020-жыл ушын Шоманай районының бюджетпараметрлерин
тастыйықлаў ҳаққында»ғы 49/194-санлы «Шоманайнуры» газетасының 2019-жыл
21-декабрь күнги 46-47 (5432-5433)-санында жәрияланған шешими 2020-жыл 31-декабрьден
өз күшин жойытқан деп есаплансын.
8. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссия (Р.Жарылкасынов)на тапсырылсын.
9. Усы шешим «Шоманай Нуры» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырылсын.
10. Шешими рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Халық депутатлары Шоманай
районлық Кеңеси баслығы Б.Янгибаев
Халық депутатлар
Шоманай районы Кеңесиниң 2020-жыл
29-декабрьдеги 23/___-санлы шешимине 1-қосымша
Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы жергиликли бюджетиниң2021-жыл ушын дәраматлар бойынша тийкарғы көрсеткишлери
млн.сўм
т/н | Дәрамат түрлери | Жәми |
1. | Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы | |
2. | Кәрханалар айланбасынан салық | 1 326,0 |
3. | Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы | 14 507,0 |
4. | Жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын физикалық шахслардан алынатугын салыклар | 293,0 |
5. | Қосымша қун салығы | |
6. | Акциз салығы, жәми | |
Соннан | 0,0 | |
– арақ | ||
– бензин, дизел жанылғысы ҳәм газ реализациясынан салық | 1 209,0 | |
7. | Юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық | 289,0 |
8. | Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық | 982,0 |
9. | Юридикалық тәреплер жер салығы | 983,0 |
10. | Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы | 1 552,0 |
11. | Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық (руда емес материаллары) | 115,0 |
12. | Суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық | 4,0 |
13. | Ижәра төлеми | 10,0 |
14. | Жәриймалар | |
15. | Мобиль байланыс хызмети ҳәм алкоголь өнимлери соннан пиво | 5 343,0 |
16. | Алкоголь өнимлери соннан пиво | 3 366,0 |
17. | Уялы байланыс хызмети | 1 977,0 |
Халық саны (01.07.2019) | 55,1 | |
ЖӘМИ ДӘРАМАТЛАР | 26 613,6 | |
III | Трансфертлер | 31 623,0 |
Жәми қәрежетлер | 58236,6 |
Халық депутатлар Шоманай районы Кеңесиниң 2020-жыл
29-декабрьдеги 23/___-санлы шешимине 2-қосымша
Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы жергиликли бюджетиниң2021-жыл ушын қәрежетлер бойынша тийкарғы көрсеткишлери
млн.сўм
т/н | Қәрежетлер | суммасы |
1. | Шоманай районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлими | 2 381,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 2 381,0 | |
2. | Шоманай районы Халық билимлендириў бөлими | 4 006,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 4 006,0 | |
3. | Шоманай районы Ден саўлықты сақлаў бөлими | 24 612,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 24 612,0 | |
4. | Шоманай районы Мәденят бөлими | 981,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 981,0 | |
5. | Шоманай районы Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими | 761,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 761,0 | |
6. | Шоманай районы Бәнтликке көмеклесиў орайы | 613,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 613,0 | |
7. |
Шоманай
районы Ветеринария ҳәмшарўашылықты раўажландырыў бөлими | 488,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 488,0 | |
8. | Шоманай районы Ирригация бөлими | 1 601,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 1 601,0 | |
9. | Шоманай районы Аўыл хожалығы бөлими | 397,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 397,0 | |
10. | Шоманай районы фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси | 605,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 605,0 | |
11. | ҚР Шоманай районы Абаданластырыў басқармасы | 3 729,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 3 729,0 | |
12. | ҚР Шоманай районы Қаржы бөлими | 10 088,1 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 10 088,1 | |
13. | ҚР Шоманай районы социаллық напақалар | 9 012,9 |
14 жасқа шекемги балалар шаңарақларға напақалар | 2 205,0 | |
2 жасқа шекем болған балаларын тәрбиялап атырған аналарға напақа | 4 555,0 | |
Кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдемлер | 2 252,9 | |
14. | Пенсия жамғармасы бөлими | 374,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 374,0 | |
15. | Ҳәкимият | 4 288,0 |
соннан: | ||
сақлаў қәрежетлери | 4 288,0 | |
16. | Пуқараларды өзин өзи басқарыў органлары | 2 439,0 |
Соннан | ||
Аўыл пуқаралар жыйыны сақлаў қәрежетлери | 1 450,0 | |
Мәкән пуқаралар жыйыны сақлаў қәрежетлери | 989,0 | |
17. | Сақлаў қоры қәрежетлери | 860,6 |
18. | Тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт | 27 948,3 |
Үлеси | 0,1 | |
Жәми қәрежетлер | 58236,6 |