Пуқараға тийисли мағлыўматларды жыйнаў әмелге асырылатуғын сораўлар дизими халықты дизимге алыў дәстүри есапланады.
Халықты дизимге алыў дәстүри төмендегише сораўларды өз ишине алады:
фамилиясы, аты, акесиниң аты;
туўылған сәнеси ҳәм жайы;
жасы;
жынысы;
миллети;
пуқаралығы;
жасаў мәнзили (жасап турған жайы);
тиллерди билиўи;
мағлыўматы;
неке жағдайы;
балаларының саны;
үй хожалығы;
үй-жай шәраятлары;
бантлиги;
жасаў ушын қәрежет дереклери;
миграция.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкар халықты дизимге алыў дәстүрине қосымша рәўиште басқа сораўлар киритилиўи мүмкин.
Жуўаплары мәмлекет сырларына ҳәм нызам менен қорықланатуғын басқа сырға тийисли мағлыўматты өз ишине алыўы мүмкин болған, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызам мәплерин бузыўшы сораўлар киритилиўине жол қойылмайды.
Дизимге алыў журналының формалары халықты дизимге алыў дәстүри тийкарында ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады.
Шоманай районы статистика бѳлими