Múrájat ushın isenim telefonı

background

Кем тәмийинленген пуқараларға азық-аўқат ѳнимлери тарқатылды.

Кем тәмийинленген пуқараларға азық-аўқат ѳнимлери тарқатылды.

Өзбекстан Республикасы хазияты ВАҚФ фонды тәрепинен кем тәмийинленген хожалықларды социаль-экономикалық тәрептен қоллап-қуўатлаў мақсетинде Шоманай районындағы 130 хожалыққа 11 түрдеги азық-аўқат өнимлери акелип берилди.

ВАҚФ фонды тәрепинен берилген азық-аўқат өнимлери кем тәмийинленген хожалықларына сектор кесиминде тарқатылды. Пуқаралар көрсетилип атырған жәрдемлерден өз миннетдаршылығын билдирип Президентимизге рахметлерин айтып дуўалар қылды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content