Хеш бир нәрсе мәмлекетти спорт киби дуньяға тезде таныта алмайды. Бул пикирдиң ҳақыйқат екениң бүгинге шекемги мәмлекетимиздиң спортшылары жәҳән ареналарында алған сыйлы орынлары, алтын медаллары менен дәлиллемекте.
Спорт инсан саламатлығы, физикалық шынығыўы ушын жүдә әҳмийетли. Шоманай районында бир қанша спорт дѳгереклери иске түсип, дѳгеректеги спортшыларымыз бир нешше жыллардан берли Республика кѳлеминде сыйлы орынлар алып, районымыздың атын Республикаға танытып келмекте.
Усы жылдың 25-декабрь күни Шоманай районында спорттың «Қол урысы» секциясының салтанатлы ашылыў мәресими болып ѳтти.
Салтанатлы ашылыў мәресимине Шоманай районы ҳакими Б.Янгибаев, МҚХ Шоманай районы бѳлими баслығы Б.Якубов, Қарақалпақстан Республикасы Миллий гвардиясы басқармасы баслығы Полковник М.Юсупов, Ѳзбекстан Республикасы миллий гвардия «Динамо» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы орынбасары Подполковник Д.Сайтов, Қарақалпақстан Республикасы қол урысы федирациясы директоры Ш.Узақбергенов ҳәм спорт дѳгерегине қатнасып атырған спортшылардың ата-аналары қатнасты.
Салтанатлы ашылыў мәресимин Шоманай районы ҳакими Б.Янгибаев кирис сѳз бенен ашып берди ҳам Президентимиздиң спортқа қаратып атыған итибары ҳәм жаратылған имкәниятлары ҳакқында айтып ѳтти.
Соң Қарақалпақстан Республикасы Миллий гвардиясы басқармасы баслығы М.Юсупов сѳзге шығып спорттың қол урысы түринен ашылып атырған секция жумысына табыслар, секцияға қатнасыўшы жасларымызға елимиз байрағын кѳклерге кѳтериўинде күш ғайрат тиледи. Сондай-ақ спортқа қатнасып атырған спортшылардың ата-аналарынан Б.Қутлымуратов сѳзге шыгып ѳсип киятырған жас әўладты саламат камалға келтириўде ҳәм спорт пенен шуғылланыўында шараятлар ҳам кѳплеп имкәниятлар жаратып бергени ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Ашылыў мәресими қол урысы секциясы спортшыларының кѳрбизбели кѳринислери менен даўам етти.
Шоманай районы ҳакимлиги мәлимлеме хызмети. Телеграмм каналына ағза болыў @shomanay_rayon