Өзбекстан Рреспубликасында 2023 жылда халықты дизимге алыў 1-ноябрь сәнесинен 25-ноябрь сәнесинен баслап өткерилетуғынлығы мәлим етип белгиленди.Респондентлердиң пухараға тийисли мағлыўматларды жыйнаўда дизимге алынған сәнесинен кейинги демографик ҳалатлар есапқа алынбайды.2023 жыл 1-ноябрден кейин туўылған балалар ушын дизимге алыў журналы ҳәм басқа ҳүжжетлер толтырылмайды, бирак усы сәнеден кейин өлген шахслар ушын толтырылады. Бунда өлген шахс туўрысындағы мағлыўматлар оның шаңарағындағы жасы үлкен ямаса мәҳалле шөлкемлери арқалы толтырылады.
Пухараға тийисли мағлыўматларды жыйнаў респондентлер жасайтуғын турақ жай ҳәм натурақ жайларға, биналарға барған ҳалда үйме-үй жүрип сораў өткизиў арқалы әмелге асырылады.Дизимге алыў журналы дизимге алыўшы хызметкерлер тәрепинен респондентлердиң сөзлери тийкарында толтырылады.Халықты дизимге алыў ўақтында жасап турған жайында сол ўақыттың өзинде болмаған яки жас өспирим шахслар туўрысындағы мағлыўматлар үй ийелери ағзалары тәрепинен мәлим етиледи.
Жасап турған ханаданында есаптан өтиўди қәлемеген респондентлер ушын дизимге алыў сораўнамалары қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен ажыратылған бина яки ханаларда жайласкан стационар участкаларда орынларда әмелге асырылады.
Шоманай районы статистика бөлими.