2020-жыл 30-июнь күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен Республикамыздағы бәрше жоқары турыўшы уйымлар қатнасында әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы ўазыйпалар бойынша видеоселектор өткизди.
Президентимиз әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў, усы еки мәселе туўры жолға қойылмаса қандай қәўип-қатерлерге алып келиўи мүмкинлигин айтып өткен.
Жәҳән тәжрийбеси соны көрсетеди, егер мәмлекет органлары дизиминде коррупцияға қарсы өз ўактында кескин шаралар кѳрилмесе, мәмлекет қанша жер асты ҳәм жер үсти байлықларына ийе болмасын, ол социаль-экономикалық дағдарысқа ушырайды.
Соның ушын да елимиз басшысы инсан мәпи қәдир қымбатын кемситетуғын, раўажланыў басқышларына кесент беретуғын иллетлерге ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўге итибар қаратпақта. Бизиң елимизде коррупцияның алдын алыўдың тийкарғы жөнелислери бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжеси мысалында, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң бирден-бир дизими жаратылды.
2017-жылы 3-январьда “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы” нызам қабыл етилди.
Елимизде пуқаралардың мүрәжатлерин көрип, үйренип шығыў ҳәм олардың конституциялық ҳукыкларға бойсыныўды тәмийинлеўши катаң тәртипке салыўшы нызамшылық базасы жаратылды.
Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин бузатуғын ҳәрекетлер ҳәм қарарлар үстинен судқа арыз етиў ҳуқықы белгиленип қойылған.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң халық қабыллаўханасы Виртуал қабыллаўханасы мүрәжатлерди көрип шығыў, ҳалық пенен туўрыдан-туўры байланысыўдың өзине тән болған дизимине айланды. Алдынлары адамлардың машқалалары басшыларға толық жетип бармағанлығы себепли бундай жағдайларды кимлердидур ортаға салып шешкен болса, бүгинге келип туўрыдан-туўры басшылар менен байланыс қылмақта. Тийкарынан усы бағдарда қандай жумысларды амелге асырыў зәрүр? Буған болса «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамынан жуўап табыў мүмкин. Бунда коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў зәрүрлиги пайда болады.
Бул процессте мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлер халықтың ҳуқықый санасы менен ҳуқықый мәдениятын раўажландырыў, жәмийетте адамлардың коррупцияға қарсы мүнәсибетин қәлиплестириў иләжлерин көриўи, мәмлекет органлары, басқа шөлкемлер лаўазымлы шахслардың ҳәм басқа хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ҳуқықый билимин асырыўға байланыслы шаралар көриўи, билимлендириў мәкемелеринде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықый тәлим тәрбияны алып барыў лазым.
Буларды тилге алыўдан мақсет нызамлар кағаз жүзинде қалып кетпеў зәрүр. Оның қағыйдаларын ҳәр биримиз билиўимиз ҳәм әмелде коллаўға ҳәрекет қылыўымыз керек. Әсиресе, коррупция менен байланыслы жағдайларды көргенде бийпарўа болмаўымыз лазым. Сонда ғана коррупция иллетинен пүткиллей қутылыўымыз мүмкин.
Қоңырат районлар аралық
экономикалық суды баслығы А.Аяпов