Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында инвестициялық жойбарлар ҳәм экспорт бойынша бир қанша тапсырмалар берилип, Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир аймақларына Ѳзбекстан Республикасының сырт еллердеги елшилерин бириктирген еди.
Сол мүнәсибет пенен райондағы экономикалық жағдайды жақсылаў, ислеп шығарыў ҳәм экспорт тараўларын, инвестициялық жойбарларды жәнеде жеделлестириў, Сондай-ақ социаллық тараўды раўажландырыў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасының сырт еллердеги елшилери Ѳзбекстанның Уллыбританиядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Рустамов Сайд Хуршидович, Ѳзбекстанның Кувейттеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Аълоев Бахромжон Журабоевич, Ѳзбекстанның Бирлескен Араб Әмирликлериндеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ибрагимов Бахтиёр Бахадировичлар районымызда болып ислеп шығарыў кәрханалары менен ҳәм ири инвестициялық жойбарлар менен танысып шықты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon