Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кәбинетиниң 2020-жыл 25-ноябрь күнги «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы»н нәтийжели өткериў хаққындағы 01-08/13-11/383-санлы мәжилис баянына тийкарланып 25-ноябрден 25-декабрь күнлери аралығы «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы» етип белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте районымыз аймағында кеўилсиз ҳәдийселерди болдырмаў, жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайларды сапластырыў, пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўиниң алдын алыў, газ ҳәм ҳаўа араласпасының жарылыўынан сақланыў, ўазыйпаларын пуқаралар арасында кеңнен түсиник жумысларын алып барыў мақсетиде Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы подполковник А.С.Давлетов усы жылдың 22-декабрь күни Шоманай районында болып, Шоманай районы «Ақ жап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы «Аққашы» аўылында жасаўшы пуқаралардың ҳәм «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы үйлерде жасаўшы пуқаралардың турақ жайларында профилактик жумысларды алып барды.
Үйрениўлер даўамында «Ақ жап» аўыл пуқаралар жыйыны «Аққашы» аўылында жасаўшы пуқара Ж.Нағметовтың турақ жайына келип турған газ тармағы трубасынан тәбийий газдиң сызып шығып турғанлығы анықланып, сол жердиң өзинде тийисли тараў ўәкиллери газ тармағы хызметин шақырып сапластырылыўына ерисилди.
Сондай-ақ Шоманай районы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы 8-көп қабатлы жайда жасаўшы пуқаралардың квартираларын көзден өткергенде ысытыў үскенеси (катёл) морыларының тазалатыў, қыс айларында күнниң суўық болыўына байланыслы ысытыў үскенелеринен қәўипсиз пайдаланыў, ийис газинен сақланыў тәртиби, өрт қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерилип үгит-нәсият жумысларын алып барды.
Хүрметли пуқаралар! Республикамызда даўам етип атырған 25-ноябрден 25-декабрь күнлери аралығында «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы» ҳәм кирип кыятырған «Жаңа жыл» илажлери даўамында турақ жайларымызда ҳәр түрли қолдан жасалған печь, тәбийий газ бенен жанатуғын насаз газ плиталарынан ҳәмде электр үскенелеринен пайдаланыўға жол қоймасақ, өз үйимизди ҳәм шаңарағымызды ийис гази, жүз бериўи мүмкин болған өрттен сақлаған боламыз!
Қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў бул – өз денсаўлығыңызға, үй мүлклериңиздиң, материаллық шығынлардан асыраўына алып келеди.
Шоманай районы АЖБ баслығы орынбасары аға лейтенант Г.Т.Режепов