Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаңа жыл есик қақпақта.

Жаңа жыл есик қақпақта.

Байрам дастурханың  ҳәр қыйлы жемислер менен толтырыўға әдетленген  халқымыз сапалы ҳәм арзан азық-аўқат ѳнимлерди қай жерден сатып алсақ болады деген ойда екенлиги тәбийий. Буның ушын Шоманай районында  Жаңа жыл байрамына азық-аўқатлық ѳнимлер ярмаркалары шѳлкемлестирилип атыр.

Бул жерде;

-картошка 1 кг 3500 сўмнан-3800 сўмға шекем,

-пияз 1200 сўмнан-1500 сўмға шекем,

-мал гѳши 42 000 сўмнан 45 000 сўмға шекем,

-Қой гѳши 45000 сўмнан-46000 сўмға шекем,

-таўық гѳши 18000 сўмнан-19000 сўмға шекем,

-Гешир 1800 сўмнан-1900 сўмға шекем,

-Памидор 6000 сўмнан-6500 сўмға шекем,

-Қыяр 6500 сўмнан-8000 сўмға шекем,

-қәлипли нан 1200 сўмнан-1425 сўмға шекем,

-Ѳсимлик майы 12500 сўмнан-13500 сўмға шекем,

-Пахта майы 12000 сўмнан-12500 сўмға шекем,

-Мәйек 900 сўмнан-950 сўмға шекем,

-Ун 2800 сўмнан-3000 сўмға шекем,

-Гүриш 4000 сўмнан-6000 сўмға шекем,

-Шекер 6500 сўмнан-7000 сўмға шекем,

Халыққа азық-аўқатлық ѳнимлер – гѳш,мийўе ҳәм палыз жәнеде дән ҳәм ун ѳнимлерин арзан баҳаларда сатыў, сондай-ақ базар экономикасында  баҳалардың турақлылығын сақлаў ушын ҳәзирги ўақытта районымызда  бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда райондағы дийхан ҳәм шарўа , бағшылық фермер хожалықларының жетистирген ѳнимлерин арзан баҳада базарға шығарыў бойынша арнаўлы график исленип, халыққа толық жеткерип бериў жолға қойылған. Буннан кѳзленген мақсет байрамда халықтың байрам кейпиятын кѳтериў, экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў болып табылады.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content