Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жас келин-күйеўлердиң ортасында нызамлы некеден алдын медициналық кɵриктен ɵтиў мәселесин жәмийетшиликке кең түрде түсиндирип бериў үгит-нәсиятлаў бойынша

Жас келин-күйеўлердиң ортасында нызамлы некеден алдын медициналық кɵриктен ɵтиў мәселесин жәмийетшиликке кең түрде түсиндирип бериў үгит-нәсиятлаў бойынша

Турмыс қурып, келешек ɵмирин бир-бирине байланыстырып, бахытлы ɵмир кешириўге бел байлаған еки жас келешегинде олардың саламатлығы әҳмийетли орын тутады. Сонлықтанда некеден ɵтип, турмыс қурмақшы болған жаслар емлеўхана поликлиникасында медициналық кɵриктен ɵтиўге шɵлкемлестирилген.

     Районымызда быйылғы жылы ПҲАЖ бɵлими тәрепинен неке рәсмийлестирилген 280 жас-жубайлардың бәршеси медициналық кɵриктен ɵткерилди. Сондай-ақ , оларға ден-саўлығын сақлаў, саламат перзентлерди дүньяға келтириў бағдарында тусиник бериледи. Районымызда бул жумыс жыл даўамында турақлы түрде әмелге асырылып барылмақта. Ɵз саламатлығы ҳаққында ойласа шаңарағының келешегин ойлағаны болып саналады.

     Бул мәселе тек ғана ПҲАЖ бɵлими хызметкерлериниң емес, пүткил халқымыздың алдында турған әҳмийетли мәселе. Сонлықтанда ҳәр бир шаңарақта медициналық кɵриктен ɵтиў, саламат турмысты қәлиплестириў ҳаққында түсиник берип барылса жас-жубайлардың келешек турмысы беккем ҳәм бахытлы болады.

     Медициналық кɵрик-саламат шаңарақ гиреўи екенин умытпаўымыз керек.

Шоманай районы ПҲАЖ бɵлими
1-дәрежели инспекторы ў.ў.а: П.Ибраимова

Skip to content