Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Жаслар фестивалы”

“Жаслар фестивалы”

Усы жылдың 18-25- декабрь күнлери барлық қала ҳәм районларда “Жаслар фестивалы” өткерилиўи белгиленген.

Сол мүнәсибет пенен 18-декабрь күни фестивалдың дәслепки күни басланды. Бунда Шоманай районы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде миллий мәдениятымызды үгит-нәсиятлаў ҳәмде жаслардың бақсышылыққа қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў мақсетинде концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ фестивал шеңберинде Шоманай районы Балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде улыўма билим бериў мектеплериндеги жас оқытыўшылар арасында спорттың гандбол түри бойынша бириншилик шөлкемлестирилди.

Бириншиликте 33-санлы улыўма билим бериу мектеби оқытыўшылары биринши орынды жеңип алды ҳәм диплом, саўғалар менен сыйлықланды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon

Skip to content