Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслар арасында спорт жарыслары ѳткерилмекте

Жаслар арасында спорт жарыслары ѳткерилмекте

МҚХ шегара әскерий күшлери жаслардың социаллық белсендилигин жәнеде асырыў, армия ҳәм халық бирлигин тәмийинлеў, шегараалды аймағында жасаўшы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ҳәм нәтийжели ѳткериўге кѳмеклесиў, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде комплекс илажлар әмелге асырылмақта.
Әне сондай илажлерден бири Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы спорт комплексинде аймақдағы жаслар ҳәм МҚХ шегара әскерий күшлери әскерий хызметкерлери ортасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс шѳлкемлестирилди. Ѳткерилген дослық жарысы қызықлы ҳәмде жаслар кеўилинде үлкен тәсирлер қалдырыўшы мәўритлерге ийе болды. Әсиресе, жарыс даўамында аймақлық жаслар ўәкили С.Хожамберганов ѳзиниң шырайлы ойын кѳрсетиўи арқалы жарыс қәҳарманына айланды ҳәм жарыстың “Ең белсенди жас ойыншысы” наминациясын қолға киритти.


Жарыс жеңимпазларына МҚХ шегара әскерий күшлери дипломы, медал ҳәм жарыс кубогы салтанатлы түрде тапсырылды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon

Skip to content