Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пуқаралардың мүрәжатлери тыңланды.

Пуқаралардың мүрәжатлери тыңланды.

Шоманай районы «Мамый», «Дийханабад», «Бегжап» аўыл ҳәм «Мәденият» мәкән пуқаралар жыйынлары аймақларында Пуқаралар ҳәм жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм орнында шешиў мақсетинде көшпели қабыллаў өткреилди. Көшпели қабыллаўға район ҳәкими Б.Янигбаев, МҚХ Шоманай районы бөлими баслығы Б.Якубов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы И.Абдирахманов, сектор баслықлары ҳәм тийисли тараў қәнийгелери қатнасты. Қабыллаўға келген пуқаралардың машқалалы мәселелерине түсиниклер берилди ҳәм орнында унамлы шешилди. Шешилиўи ўақыт талап ететуғын мәселелер қадағалаўға алынып, тийисли тараў қәнийгелерине тапсырмалар берилди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content