Усы жылдың 7-декабрь сәнесинде Шоманай районы Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы балалар музика ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28-жыл толыў мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Байрамды район ҳәкими Б.Янгибаев кирис сөз бенен ашып берди ҳәм байрам қатнасыўшыларын қутлықлады.
Соң Шоманай районы прокуроры жәрдемшиси Б.Тохтарбаев, Шоманай нуры газетасы бас редакторы Қ.Наўрызов ҳәм жаслар жетекшиси Қ.Апизовалардың конституция ҳаққында баянатлары тыңланды.
Сондай-ақ байрам мүнәсибети менен 5-декабрь күни өткерилген “ӨНЕРМЕНТ” көрик таңлаўының жуўмағы бойынша жеңимпазларды «ҲҮРМЕТ ЖАРЛЫҒЫ» ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.
Байрам Шоманай районы Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
Телеграмм каналымызға ағза болыў @shomanay_rayon