Múrájat ushın isenim telefonı

background

25 ноябрь – 25 декабрь күнлери аралығында өткерилип атырған «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы» тәдбиринде қәўипсизлик шаралары

25 ноябрь – 25 декабрь күнлери аралығында өткерилип атырған «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы» тәдбиринде қәўипсизлик шаралары

            Өзбекстан Республикасы Министирлер Кеңесиниң «Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Ҳүкимет комиссиясы жыйналысының» 2020-жыл 21-ноябрдеги 05-25/1-2114-санлы баяны, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 25-ноябрь күнги «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы»н нәтийжели өткериў хаққындағы 01-08/13-11/383-санлы мәжилис баяны ҳәмде Шоманай районы Ҳәкимлигиниң 28-ноябрь күнги 01-05/01-11/226-санлы мәжилис баянына тийкарланып 25-ноябрден 25-декабрь күнлери аралығында район аймағында «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы» тәдбири өткерилмекте.

          Усы жоқарыдағыларға тийкар Шоманай районы Ҳәкимлигиниң 2020-жыл  28-ноябрь күнги 01-05/01-11/226-санлы баянламасы менен комиссия қурамы дузилип, күнлик ис-реже тийкарында комиссия ағзалары менен район аймағында жайласқан мәкеме-кәрханалар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ пуқаралардың турақ жайлары үйренилип барылмақта. Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм тийисли тараў хызметкерлери менен биргеликте район мәҳәллелер аймағында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў, ийис газинен сақланыў ҳәм ҳаўа газ араласпасының жарылыўы, аўқатлық затлардан келип шығыўы мүмкин болған ботулизм кеселлиги менен байланыслы айрықша жағдайларды болдырмаў мақсетинде ҳәр күни аймақларда профилактикалық түсиндириў ҳәм тексериў жумысларын алып барып, анықланып атырған кемшиликлер сапластырылып барылмақта. Пуқаралардың жеке меншик турақ жайлары ҳәмде мәкеме-кәрханаларда ислеўши пуқараларға газ баллонларынан пайдаланыў, электр үскенелериниң қәўипсизлик қағыйдалары талапларына қатаң әмел етилиўи тийкарында түсиндириўлер алып барылмақта.  Қыс айларында күнниң суўық болыўына байланыслы ысытыў үскенелеринен қәўипсиз пайдаланыў, ийис газинен сақланыў, өрт қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша Шоманай районы  ИИБ профилактика инспекторлары, «ҚҚ электр тармақлары» Шоманай районы электр таъминаты бөлими, «Худудгазтаъминот» Шоманай районы филиалы хызметкерлери ҳәм аймақтағы өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте райондағы түнги ўақытта адамлар қалатуғын орынлар, мәкеме-кәрханалар, оқыў орынлары, емлеўханаларда түнги нәўбетшилиги тексерилмекте. Нәўбетшиликте болған пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, анықланған кемшиликлер орнында сапластырылып барылмақта. 

            Хүрметли пуқаралар! Республикамыз бойлап 25-ноябрден 25-декабрь күнлери аралығында «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы» тәдбири даўамында ҳәм қыс айларының суўық күнлеринде турақ жайларымызда ҳәр түрли жасалма печь, табийий газ бенен жанатуғын насаз газ плиталарынан ҳәмде электр үскенелеринен пайдаланыўға жол қоймасақ, өз үйимизди ҳәм шаңарағымызды ийис гази, жүз бериўи мүмкин болған өрттен сақлаған боламыз!

Қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў бул – өз денсаўлығыңызға, үй мүлклериңиздиң, материаллық шығынлардан асыраўына алып келеди.

       Үйде жас өспирим балаларға газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўға рухсат бермеў ҳәм оларды үйде жалғыз қалдырып кетиўге жол қоймаңлар!

           Шоманай районы АЖБ баслығы орынбасары

           аға лейтенант:Г.Т.Режепов

Skip to content