Múrájat ushın isenim telefonı

background

Халықты дизимге алыўдың тийкарғы түсиниклери

Халықты дизимге алыўдың тийкарғы түсиниклери

Халықты дизимге алыў – Өзбекстан Республикасының пүткил аймақларында өткизиледи, белгиленген сәнеде халықтың            демографик ҳәм социаллық-экономикалық көрсеткишлерди белгилейтуғын шахсқа мағлыўматларды жыйнаў ҳәм оларға ислеў бериў аралығы;

халықты дизимге алыў сәнеси – пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў ҳәм есапқа алыў әмелге асырылатуғын анық ўақыт (жыл, ай, күн ҳәм саат);

респондентлар – халықты дизимге алыў сәнесинде Өзбекстан Республикасы аймағында болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары, шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар, Өзбекстан Республикасында жасаўшы, бирақ халықты дизимге алыў сәнесинде оның мәмлекетте болмай сырт елде болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары;

дизимге алыў дәптери – көрсетилген сораўлар бойынша шахсқа тийисли мағлыўматларды жазып алыў ушын белгиленген көринистеги бланка;

дизимге алыў ҳүжжетлери – халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў дәўирине тийисли ҳүжжетлер топламы;

дизимге алыўшы хызметкерлер – Өзбекстан Республикасының халықты дизимге алыўға таярлық көриўге ҳәм оны өткизиўге бекитилген, арнаўлы оқыў курсларынан өткен пуқаралар;

үй хожалығы – бир турар жайда яки оның бир бөлегинде биргеликте жасайтуғын, өзи жасаў ушын бәрше зәрүр нәрселер менен тәмийинленген, улыўма хожалық жүритетуғын, пул қәрежетлерин толық сарплайтуғын шахслар жыйындысы. Бул шахслар жақын ағайин-туўысқан болыўы яки болмаўы мүмкин. Үй хожалығы бир шахстан ибарат болыўы мүмкин.

Шоманай районы статистика

бөлими жетекши қәнийгеси:                         Ф.Бекимбетов

Skip to content