Múrájat ushın isenim telefonı

background

«Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең ана тилим»

«Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең ана тилим»

1-декабрь Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 31-жыл толыўы мүнәсибети менен Шоманай районы Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде байрам кешеси болып өтти.

Байрам кешесин Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди ҳәм байрам менен қутлықлады.

Байрам мүнәсибети менен ана тили ҳәм әдебиятын оқытыў арқалы оқыўшыларға тыянақлы билим бериў, оларды ўатанды сүйиўшилик, миллий ҳәм инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўда үлкен жетискенликлерге ерисип киятырған пидайы оқытыўшылар ҳәм таңлаўларда жеңимпаз болған оқыўшыларды хошаметлеў мақсетинде «Ҳүрмет жарлық»лары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.

Соң Шоманай районы Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен әдебий саз сәўбетли концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon

Skip to content