Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мәмлекетлик хызметлер орайлары 3 жаста.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары 3 жаста.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзёев тәрепинен алға сүрилген «Халқымыз мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет көрсетиў керек» деген идеяға сүйенген ҳалда пуқаралардың мүшкилин аңсат, узағын жақын қылып атырған Мәмлекетлик хызметлер орайы халқымызға мәмлекетлик хызметлер көрсетип келмекте. «Пуқаралар емес ҳүжжетлер ҳәркетленеди» деген принципти әмелиятқа енгизиў тийкарғы мақсетлерден бири.

         Жоқарыда алға сүрилген мақсет ҳәм ўазыйпаларды, исенимди Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм оныӊ қол қанаты болған мәмлекетлик хызметлер орайлары қай дарежеде ақлай алды деген сораў туўылыўы тәбий.

         Шоманай районы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсек, орай 2018-жыл шөлкемлестирилген болса жыл даўамында 11 206 хызмет көрсетилген болып, 2020 жыл 9 айы даўамында көрсетилген хызмет саны 21 304 жетти.

 Бул өткен 2018 жылғы көрсеткишке салыстырғанда 2 есеге көп болып мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы көрсетилип атырған хызметлерге халқымыздыӊ талабы жоқары екенлигинен дерек бермекте. Бүгинги күнде орай тәрепинен 140 тан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте.

         Орайларға берилген «DAMAS» маркалы хызмет автомобили менен алыс аймақларға шыққан ҳалда халқымызға қолайлылық жаратыў мақсетинде көшпели түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте.

Атап айтқанда, 2018 жыл даўамында 400 ден аслам болса, 2020 жыл       9 айы даўамында 2 100 аслам хызмет көшпели түрде көрсетилген болып, соннан 40 зыят исбилерменлик субъектлери көшпели тәртипте мәмлекетлик дизимге алынған.

         Исбилерменлик субъектлериниӊ мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша 2017 жыл 1-апрель күнинен баслап иске түскен 30 минут ишинде мәмлекетлик дизимге алыў системасы дүнья жүзлик 190 мәмлекет арасында өткерилетуғын бизнес жүритиўдыӊ қолайлығы ҳәм дизимнен өткериўдиӊ аӊсатлылығы бойынша DOING BIZNESS рейтингинде 17 орыннан 12 орынға алып шыққан болса, 2019 жыл бойынша DOING BIZNESS рейтингинде 8 орынды ийеледи.

Ҳақыйқатында да исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болып мәмлекетлик дизимнен өтпекши болған пуқара мәмлекетлик хызметлер орайына келип 30 минуттанда аз ўақыт ишинде орайдан исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимге алынады ҳәм сол жердиӊ өзинде онлайн тәризде қәлеген банк филиалынан есап бети ашылады.

Бул өз гезегинде алдынғы бар болған шеклеўлерди жоққа шығарды, исбилермен болыў ушын барлық мәкеме ҳәм шөлкемелерге барып әўере болып жүриўдыӊ қәжети қалмады. Бул өзгерислерде елимизде қолайлы бизнес орталығы жаратыўдыӊ, шет елли инвесторлардыӊ елимизге инвестиция киритиў мақсетлерине түртки болыўына, қалаберсе елимизде исбилерменлик искерлигиниӊ ең жайып раўажланыўына хызмет етиўи сөзсиз.

         Жәнеде орайдағы барлық хызметлерден орайға келип яки үйден шықпастан бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўға, өзиниӊ жасаў яки турақлы жасаў мәнзилине қарамастан қәлеген өзине жақын болған мәмлекетлик хызмет орайына барып хызметлерден пайдаланыў мумкин.

Буннан тысқары район орайынан Мәмлекетлик хызметлер орайына барлық қолайлықларға ийе заманагөй имарат қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күнде қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында турыпты. Жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен орай тәрепинен хызмет көрсетиў сыпатын жаңа басқышқа алып шығады, онда барлық қолайлықларға ийе ханалар, декорациялар, кең хызмет көрсетиў ҳәм күтиў зоналары, балалар майданшасы бир сөз бенен айтқанда хылқымызға мүнәсип хызмет көрсетиў имканияты жаратылады.

Жоқарыда келтирилгенлер тек ған санлы көрсеткишлер емес, бәлким пуқаралардыӊ кунделикли ҳәм жыллар даўамында қыйнап келген машқалалары ҳәмде мәслелериниӊ жәмленмеси десекте қәтелеспеген боламыз.

Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәр дайым ҳәр жерде халқымызға хызмет көрсетиўге тайын екенлигин ҳәм буған беккем бел байлағанлығын халқымызға бәрелле айтқымыз келеди.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы
бөлим баслығы Даўлетмуратов Бахадир Ерполатович

Skip to content