Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Сагатовтың алып барған жәмийетшилик қадағалаў жумысы жуўмағы бойынша Шоманай нуры газетасында тараўлар бойынша бир қатар қәте кемшиликлер көрсетилген. Көрсетилген қате кемшиликлер бойынша Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси баслығы Б.Янгибаев райондағы газ, электр, суў тармақлары ҳәмде «Тоза худуд», үй жай коммунал, санаат, хызмет көрсетиў тараў қәнийгелери ҳәм район ҳәкими орынбасары қатнасында жыйналыс өткерилип, көрсетилген қәте кемшиликлер додаланды.
Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары Р.Клышевтиң есабаты тыңланып, көрсетилген кемшиликлерди ўақтында сапластырыў бойынша ис-илажлар режеси тастыйықланды ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ район ҳәкими орынбасары Р.Клышев ҳәм үй-жай коммунал, жол қурылыс тараў баслықлары қатаң ескертилди, жәнеде бул жағдай қайталанса жумысынан азат етиў шаралары көрилиўи ескертилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.