Múrájat ushın isenim telefonı

background

2023-жылда Өзбекстанда халықты дизимге алыў басланады.

2023-жылда Өзбекстанда халықты дизимге алыў басланады.

Ҳүкимет қарары менен (710-сан, 11.11.2020-ж.) Өзбекстанда 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў тәртиби ҳаққында нызам тастыйықланды.

2021-жыл 1–25-ноябрьде Андижан ўәлаяты Хожабад районы, Ташкент ўәлаяты Жоқары Чирчиқ районы, Хийўа қаласы ҳәмде Ташкент қаласы Юнусабад  районларында халықты дизимге алыў тәжрийбе есабында өткериледи.

Пүткил халықты дизимге алыў болса 2023-жыл 1–25-ноябрьде төмендегише әмелге асырылады:

1–5-ноябрьде халықты интернет тармағы арқалы дизимге алынады;

6–10-ноябрьде интернет арқалы дизимге алынған респондентлер ҳәм олардың үй мәнзиллери дизими  шакилленеди;

11–22-ноябрьде халықты дизимге алыў дәптершеси көринислери тийкарында үйме-үй жүрип халық дизимге алынады;

23–25-ноябрьде ҳәр бир мәҳәлледеги үй-жай мәнзиллериниң 10 пайызы таңланба рәўиште қадағалаў гүзетиўи тийкарында үйрениледи.

Қарар менен халықты дизимге алыў ўақтында қатнасқан шахсларға  ҳақ төлеў ҳәм муғдары тастыйықланады.

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыўмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыў мүмкин

Skip to content