Múrájat ushın isenim telefonı

background

Суицидқа алып барғанлық ушын қандай жуўапкершилик бар?

Суицидқа алып барғанлық ушын қандай жуўапкершилик бар?

Статистикалық мағлыӯматларға кѳре, ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ жәҳәнде ѳлимниӊ келип шығыӯ себеплери дизиминде 8-орында турады. Ҳәр жылы бир миллионға жақын адам суицид ақыбетинде ѳлиӯи, 10 миллионнан 20 миллионға жақын адам болса ѳзин-ѳзи ѳлтириӯге урыныӯы кѳрсетип ѳтиледи. Ҳәр жылы 1 100 000 шахс ўз жанына қас қылады. Солардан: 300 000 қытайлықлар; 160 000 ҳиндлер; 37 000 америкалыклар; 30 000 орыслар; 30 000 японлар болып есапланады. 16 000 болса французлар; 10 000 украинлардан ибәрат.

Ѳз жанына қаст қылыӯға не себеп болмақта?

Жәҳәнде суицид, яғный ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ ҳалатыныӊ жүзеге келиӯиниӊ бир қанша себеплери бар, олардан еӊ тийкарғылары, жуӯапкершиликтен, жазадан қутылыӯ; семьялық машқалалар (ата-бала, қайинене-келин ортасындағы келиспеӯшиликлер); экономикалық машқалалар (банкротлық, қарызға батыӯ, жумыссызлық); жумыстағы (оқыӯдағы) машқалалар; бахытсыз (жуӯапсыз) муҳабат, ердиӊ яки ҳаялдыӊ қыянети; ѳмирден қанаатланбаӯ, зеригиӯ, ѳз орнын таӯалмаслық, жалғызлық; жақын инсанларыныӊ ѳлими; руӯҳый жағдайдыӊ бузылыӯы, руӯҳый хорланыӯ (намысқа тийиӯ, физикалық зорлықлар ақыбетинде); денсаӯлық пенен байланыслы машқалалар, нәшебентлик, алкоголизм; диний фанатизм сыяқлы ақыбетлер нәтийжесинде ѳзин нашар, аӯырыӯ, ҳеш кимге керексиздей сезиниӯ яки ѳз аӯырлығын жақынларына салыӯды қәлемеӯ ямаса ѳз қәдир-қымбаты кемситилиӯинен, масқара болыӯдан, қараланыӯынан қорқып ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ ҳалатлары жүз бериӯин бақлаӯға болады.

Жәҳәнде ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ ҳәр қайсы мәмлекетте дерлик бирдей: ѳзин асыӯ, жағыӯ, зәҳәрлеӯ, кислота ишиӯ, вена тамырларын кесиӯ, поезд астына таслаӯ, пышақлаӯ, бийик минарадан ѳзин таслаӯ сыяқлы усыллар кѳп ушырайды.

Статистикалық мағлыӯматларға қарағанда, ерлерге салыстырғанда ҳәйеллерде ѳзин-ѳзи ѳлтириӯге урыныӯ ҳалаты кѳбирек ушырасады.

Қандай жуӯапкершилик бар?

Енди, усы орында бир сораӯ пайда болады, ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ яки ѳзин-ѳзи ѳлтириӯге урыныӯ дәрежесине жеткизиӯ ушын қандай жуӯапкершилик бар?

Жынаят кодексиниӊ 103-статьясында ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ яки ѳзин-ѳзи ѳлтириӯге урыныӯ дәрежесине жеткергенлик ушын жинайый жуӯапкершилик нәзерде тутылған.  Бул статья қолланылыӯыныӊ зәрүрий шәрти ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ яки ѳзин-ѳзи ѳлтириӯге урыныӯ дәрежесине жеткизиӯде айыпланыӯшы шахс жәбирлениӯшиге аяӯсыз мүнәсебетте болғаны ушын яки оныӊ қәдир-қымбатын кемситкени себеп болғанын анықлаӯ талап етиледи.

Яғный, шахсты қорқытыӯ, оған аяӯсыз мүнәсебетте болыӯ яки оныӊ қәдир-қымбатын кемситиӯ нәтийжесинде ѳзин-ѳзи ѳлтириӯ яки ѳзин-ѳзи ѳлтириӯге урыныӯ дәрежесине жеткериӯ

— үш жылдан жети жылға дейин еркинен айырыӯ жазасы менен жазаланады.

Сол ҳәрекетлер:

– материаллық жақтан яки басқа тәрептен айыпланыӯшыға қарам болған шахсқа қарата;

– ер жетпеген яки ҳәмиледарлығы айыпланыӯшыға белгили болған ҳәйелге қарата;

– бир топар шахслар тәрепинен алдын-ала тил бириктирип бириктириб;

телекоммуникация тармақларынан, сондай-ақ, интернет пүткил дүнья мағлыӯмат тармағынан пайдаланып исленген болса жети жылдан он жылға дейин еркинен айырыӯ жазасы менен жазаланады.

Инсан ѳмири ҳәм денсаӯлығы шахстыӊ бийбаҳа байлығы есапланып, оныӊ бул байлығынан айырыӯ яки зыян жеткизиӯ аӯыр жынаят есапланады.

Е.Абибуллаев

Жынаят ислери бойынша

Қанлыкѳл районы суды баслығы

Skip to content