Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан республикасын комплекс социаль-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалар тийкарында Өзбекстан Республикасы Олий мажлиси сенаты комитет баслығы орынбасары Б.Матмуратов Шоманай районында болып, Президент қарары дәстүрине киргизилген обьектлер бойынша район белсендилери депутатлар ҳәм ҳаким орынбасарлары менен ушырасыў өткерип Президент карарында белгиленген ўазыйпалар бойынша сәўбетлесилди.
Соң «Бегжап» АПЖ аймағындағы «Етти хазина олами» ЖШЖти тәрепинен шөлкемлестирилген лимоншылыққа қәнийгелестирилген ыссыхана қурылысы жумыслары менен танысты.
Жәнеде «Моншақлы» МПЖ аймагындағы «Рафаэль» жеке меншик кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылып атырған кир жуўыў сабынлары сыпаты ҳәм ислеп шығарылыўы усыллары, «LIANTAI LICORICE» ЖШЖ боян тамырды қайта ислеў кәрханасында экспорт-инпорт өнимдарлығы ҳәм айланыс жумыслары, «Улзада Кеңесбаева» ЖШЖ гүнжи майын ислеп шығарыў кәрханасында жаңадан иске қосылатуғын әсбаплардың қурылысы жумыслары, «Кетенлер» АПЖ имәратында болып, «Темир», «Ҳаяллар» ҳәм «Жаслар» дәптерине киритилген пуқараларға берилип атырған жәрдемлер ҳәм сол қатары дәптерден шығарыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары көрип шығылды.
Сондай-ақ «Дийханабад» АПЖ аймағында киши жүк тасыўшы тиркегишлер ислеп шығарыўшы «Ҳәзирети жаҳан» жеке меншик кәрханасындағы жумыслары, Қусшылық жумысын жолға қойған «Жансулыў-қыят» фермер хожалығындағы үйреклердиң тәрбияланыўы оларға жаратылған шараятлар бойынша танысып шықты ҳәм өз нәўбетинде исбилерменлер менен сәўбетлести.
Соң «Моншақлы» ҳәм «Мәденият» МПЖларда жасаўшы кем тәмийинленгенлер «Темир дәптер» дизимине киргизилген А.Наўрызбаева ҳәм Г.Реймовалардың шаңарақларында болып жасаў жағдайы, машқалалары үйренилди ҳәм кийим-кеншек жәнеде азық-аўқат өнимлери берилди.
Күнниң жуўмағында «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халықтың машқалаларын тыңлаў ҳәм орнында унамлы шешимин табыў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилип, пуқаралар машқалалары тыңланды.