Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 31-июльдеги ПҚ-3165-санлы қарары менен тастыйықланған «2017-2021-жылларда статистика хызметин шөлкемлестириў нәтийжелилигин түптен жақсылаў, статистика мағлыўматлары сапасын ҳәм оларды тарқатыў системасын жақсылаў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы дәстүрине муўапық,мәмлекетлик статистика органларының мағлыўмат системасын жетилистириў ҳәм интерактив хызметлер сапасын арттырыў,республикада заманагөй мағлыўмат-комуникация технологияларынан кең пайдаланған ҳалда статистика мағлыўматларын жыйнаў, топлаў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм дағаза етиўдиң системасын шөлкемлестириў мақсетинде анық ис-илажлар әмелге асырылып атыр.Статистика есабаталарының формаларын толтырыў ҳәм оны туўры толтырылғанын тексериў мәселелри бойынша интерактив мәсләҳат бериўди дүзген ҳалда, мәмлекетлик статистика комитетиниң рәсмий веб-сайтында исбилрменлердиң өз кабинетлерин жайластырыў жумыслары алып барылмақта.
Шоманай районы статистика бөлими жетекши қәнийгеси Ф.Бекимбетов