Múrájat ushın isenim telefonı

background

ЖАСЛАРДЫ ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ УЙРЕТИЎ

ЖАСЛАРДЫ ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ УЙРЕТИЎ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июнь куни “Өзбекстан Республикасынды жасларға байланыслы мәмлекет  сиясатын туптен реформаластырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПП-6017-санлы Пәрманы қабылланды.

Жасларда заманагөй исбилерменлик көникпелерин көлемлендириў ҳәм жаңа ис орынларын жаратыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийнлеў, ер жетпегенлер ортасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшлық профилактикасын нәтийжели шөлкемлестириў, шаңарақ ажрасыўлардың алдын алыў, жас әўладда ғәрессиз ўатан суйиўшилик идеясы ҳәмде турақлы пуқаралық позициясын көлемлендириў барысында қатар машқалалар сақланып қалмақта.

Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекет сиясатын жаңа басқышқа алып шығыў, жаслар тараўындағы машқалаларға нәтийжели шешимлер ислеп шыгыў, ўәкалатлы органлар жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-декабрьдеги мәмлекет жаслары менен ушрасыўда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

– Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги ҳәмде оның Қарақалпақстан  Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қала басқармалары (қала) бөлимлери шөлкемлестириў көрсетилген;

– төмендегилерди нәзерде тутыўшы жасларға байланыслы мәмлекет сиясатын жәнеде раўажландырыўға байланыслы қосымша иләжлар дәстури тастыйықланған:

– жаслардың инновацион, әмелий проектлерине грант қәрежетлерин ажратыў;

– өз қәбилетин камал таптырыў, келешекте қызыққан тараўдың жетик қәнийгеси болып жетисиўи ушын  жасларда өзин-өзи раўажландырыў бойынша кушли мотивация оятыў  мақсетинде кең жаслар көлеминде ҳалық аралық кесимде мотивацион жыйналыс өткизиў;

– аймақларда жаслар бәнтлигине көмеклесиў мақсетинде қудықлар бурғылаў, суўғарыў нәрселерин сатып алыў, жеңил конструкциялы ыссыханалар орнатыў, тухым ҳәм нәллер сатып алыў ушын субсидиялар ажратыў;

– жаслардың ҳалық аралық пән олимпиадалары ҳәм таңлаўда ҳәмде жас исбилерменлердиң ҳалық аралық форум ҳәм ярмаркаларыдағы қатнасын тәмийнлеў, жаслардың ҳалық аралық мийнет базарларына шығыўына көмеклесиў

– қәбилетли ҳәм жәмийет ислерннде актив  болған жасларды (биринши нәўбетте социаллық қорғаўға мутәж болған шаңарақлардың перзентлери) төлемсиз жолланбалар негизинде дем алыў орайларына жибериў;

– жасларды келешекте тийисли тараўда тәжрийбели қәнийге болып жетисиўи, сондай-ақ исбилерменликке окытыў ушын мәмлекетимизде  жоқары нәтийжелерге ерискен тараў  қәнийгелерин тартқан ҳалда оқыў шынығыўлар өткизиў;

– питириўшилерде исбилерменлик көникпелерин көлемлендириў мақсетинде жокары оқыў мекемелери базасында бизнес акселераторлар шөлкемлестириў;

– Өзбекстан жаслары парталын шөлкемлестириў ҳәм онда жаслар сиясатын баҳалаў  миллий индекслери ҳәмде жасларға байланыслы нызам ҳужжетлери базасын көлемлендириў;

– жасларды исбилерменлик ҳәм исбилерменликке  қызықтырыў ҳәм оларға бундай жумысын жолға қойыўдың әмелий тәреплерин уйретиў мақсетинде орынлардагы ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлерге бизнес саяхатлар шөлкемлестириў;

– жасларды кәсипке уйретиў менен байланыслы қәрежетлер, сондай-ақ, жас исбилерменлерге ҳуқықый, бухгалтерия, маркетинг, брендинг, банк, қамсызландырыў, мийнет ҳәм басқа тараўларда әмелий көмек көрсетиў ушын консалтинг хызметлери қәрежетлерин қаплаў;

– көргизбели саўда ярмаркаларын шөлкемлестириў;

– бизнести жолға қойыўдан дәрамат алыўға шекем болған мәселелерди уйретиўге қаратылған аралық (дистанцион) оқыў шынығыўларын өткизиў ҳәм қолланбалар жаратыў;

– қәбилетли жаслар ортасында дөретиўшилик көрик таңлаў шөлкемлестириў, жас авторлардың дөретиў улгилери, сондай-ақ, биринши китапларын баспадан шығарыў ҳәм көркем өнер көргизбелерин жаратыў ушын финанслық жәрдем көрсетиў.

Агентлик Дәстурде нәзерде тутылған жыйналыларды финансластырыўды туўрыдан-туўры яки мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге социаллық буйыртпа қолемде ажратылатуғын мәмлекет грантлары ҳәм субсидиялар бөлистириў арақалы әмелге асырылыўы белгиленген..

2021-жыл 1-январьдан баслап:- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдағы «Жаслар- келешегимиз» Мәмлекет дәстури ҳаққында»ғы ПФ-5466-санлы Пәрманы көлеминдеги ҳәмде басқа норматив-ҳуқықый ҳужжетлерде көзде тутылған жыйналысларды «Жаслар — келешегимиз» фонды қәрежетлери есабынан финансластырыў, ажратылған кредитлер бойынша пайыз қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация ва субсидиялар бериў тәртиби бийкар етиледи;

– проектлерди кредитлеў базар структурасы негизинде туўрыдан-туўры коммерциялык банклер тәрепинен әмелге асырылады. Бунда, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекет фонды тәрепинен жас исбилерменлер бизнес проектлери ушын ажратылған сўммасы 2 миллиард сўмнан, пайыз ставкасы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкы тийкарғы ставкасының 1,75 есесинен аспайтугын банклердиң миллий валютадағы кредитлери бойынша пайыз ставкасының Орайлық банк тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ 10 пайыз  пунктинен көп болмаған бөлегин қаплаў ушын компенсация төленеди.

Өзбекстан жаслар аўкамының:Фондты 2021-жыл 1-январьдан ғәрессиз мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында қайта шөлкемлестириў;

2021-жыл 1-январьдан баслап  «Жаслар — келешегимиз» Мәмлекет дәстури көлеминдеги проектлерин финанслатырыў ушын ажратылған ресурс қәрежетлери бойынша коммерциялық банклердиң Фонд алдындағы мәжбуриятларын Мәмлекет бюджети алдындагы мәжбуриятлар сыпатында қайта рәсмийлестириў ҳәм ҳәр жылы усы мәжбуриятлардың Мәмлекет бюджетине қайтарылған бөлеги есабынан Агентликтиң  баслы дәстурли  ўазыйпалары әмелге асырылыўын финансластырыў көзде тутылған.

Skip to content