Múrájat ushın isenim telefonı

background

«Жаңа Өзбекстан-жаңаша дуньяқарас» үгит-нәсият мәдений илажи «Мамый»да

«Жаңа Өзбекстан-жаңаша дуньяқарас» үгит-нәсият мәдений илажи «Мамый»да

«Жаңа Өзбекстан-жаңаша дуньяқарас» бул сөздиң негизинде үлкен мәни жатады. Ҳәзирги күнде елимизде үлкен унамлы өзгерислер, жаңадан жаңа реформалар амелге асырылмақта. Солай екен пүткил мәмлекетимиздеги пуқаралардың дуньяқарасын өзгертиў, олардың пикирлеўиде ойлаўыда жаңаша болыўды талап етиледи. Ҳәзир тезлик әсири, тез пәт пенен раўажланыў жолға қойылып, мәмлекетимиз бойлап барлық тараўларда өзгерислер жүз бермекте.

Усы өзгерислерди кең жәмийетшиликке үгит-нәсият қылыў, халықтың кеўлин көтериў, оларда жаңаша сезимлер пайда етиў, мақсетинде Президентимиз басламасы менен барлық орынларда үгит-нәсият илажлары даўам етпекте. Усы жылдың 17-ноябрь күни «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Жаңа Өзбекстан-жаңаша дуньяқарас» сүрени астында иләж өткерилди. Илажге қатнасқан аўыл турғынлары үгит-нәсиятшылар топарына, шөлкемлестириўшилерге айрықша миннетдаршылығын билдирди. Иләжде ерисилген жетискенликлер, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып отилип, соң Маденият бөлими ҳәм 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жәмаатиниң саз ҳам қосықлары, бес әҳмийетли баслама шеңбериндеги илажлар ҳәм спорт жарыслары менен даўам етти.

Телеграмм каналымызга ағза болыў @shomanay_rayon

Skip to content