2020-жыл 10-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының Президенти басшылығында өткерилген «2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў ис-иләжлары»на бағышланған видеоселекторында белгиленген тапсырмалар бойынша, усы жылдың 13-ноябрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Олий мажлиси Сенат баслығы Танзила Нарбаева басшылыгында исши топар Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районында болды.
Исши топар Шоманай районындағы «Шоманай-Экотекс» пахтаны қайта ислеў кәрханасында, «Ranomad» заманагөй ыссыхана ҳәм «Шәменай» гоззаллық салонында болып, исбилерменлер менен ушырасты. Ушырасыў даўамында исбилерменлердиң жумыс барысы ҳәм машқалалары менен танысып шықты. Соң жумыс пенен тәмийинленген ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен сәўбетлесип, Президент қарарының мәнис-мазмуны, әмелге асырылған реформалар ҳәмде келешекте күтилип атырған өзгерислер ҳаққында түсиник берди. Соң Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутатлары, сектор баслықлары менен ушырасыў өткерип, бунда мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларды әмелге асырыўда районлық Кеңес депутатларының белсендилигин асырыў бойынша өзиниң бир қанша пикир усынысларын билдирди. Сондай-ақ келешекте иске қосылатуғын жойбарлардың мәнзилли режелери көрип шығылды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
ЎзА фотохабаршысы Махсет Хабибуллаевтың түсирген суўретлери.