Шоманай районында халықтың социаль жағдайы ҳәм аймақлық халық арасында наразылық жағдайларын сапластырыў ҳәмде, мәмлекет шегарасы нызамларына әмел етиў ҳаққында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыў даўамында халық арасында наразылық жағдайларының алдын алыў бойынша улыўмалық профлактикалық илажлар әмелге асырылды ҳәм көплеп халықтың машқалалары бойынша сәўбетлесиўлер өткерилди.
Болып өткен сәўбетлесиўде район ҳәкимнинң шегара мәселелери бойынша жәрдемшиси С.Турсынов, Район МҚХ хызметкери А.Махамадалиев, ҳуқық қорғаў уйымлары, ҳәм Шегара аймағындағы Аўыл пуқаралар жыйыны баслықлары, фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon