«Жаңа Өзбекстан-Жаңа дуньяқарас» сүрени астында иләж өткеримекте. Күни кеше «Бегжап» АПЖ аймағындағы 15-санлы улыўма билим бериў мектеби имәратында өткерилген болса, бүгин «Бирлешик» АПЖ аймағындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилди.
«Жаңа Өзбекстан-Жаңа дуньяқарас» сүрени астында өткерилген иләжға Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти М.Режепов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты доценти Р.Қуттымуратова, Мәденият хызметкерлеринен Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Р.Атажанов, Қарақалпақ халық бақсысы З.Шарипова, Қарақалпақ эстрада қосықшысы Г.Сайтовалар келип халық арасына кирип елимиздиң раўажланыўы бойынша ҳам жаңаша реформаларға жаңаша көз қарас пенен қараў, халықтың кеуил кейпиятын көтериў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын әмелге асырмақта.
Ел басшыларынын бундай басламалары ушын Шоманай районы халқы өзлериниң миннетдаршылығын билдирмекте.
Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon