Múrájat ushın isenim telefonı

background

Сыпатлы ҳәм қолайлы мәмлекетлик хызмет, халқымызға беминнет көрсетилмекте.

Сыпатлы ҳәм қолайлы мәмлекетлик хызмет, халқымызға беминнет көрсетилмекте.

         Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 5278-санлы «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиӊ миллий системасын туп тийкарынан реформалаў ҳаққындағы ис-илажлары» ҳаққындағы пәманына тийкар исбилерменлик субьектлерине мәмлекетлик хызметлерди көрсетип келген «бир айна» орайлары исбилерменлик субьектлери, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши «Мәмлекетлик хызметлер орайы» на айлантырылған еди. Президентимиз Шавкат Мирзёев тәрепинен алға сурилген «Халқымыз мәмлекетлик хызметлер уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» пуқаралар мәкеме ҳам шөлкемлер арасында қатнап журмеслиги ушын «Пуқаралар емес ҳүжжетлер ҳәркетленеди» деген пикирди айтқан еди.

         Жоқарыда айтытлған идеаны алға сурилген мақсет ҳәм ўәзийпаларды, иснеимди Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм оныӊ қол қанаты болған мәмлекетлик хызметлер орайлары қай дарежеде ақлай алды деген сораў туўылыўы табий.

         Шоманай районы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтып өтетин болсақ, 2020 жыл 9 айы даўамында көрсетилген хызмет саны 23 мыңнан зыят болып  көрсетилип болып, бул өз гезегинде орайлар арқалы көрсетилип атырған хызметлерге халқымыздыӊ талабы кушли екенлигинен дерек бермекте. Бугинги кунде орай тәрепинен 140 тан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте.

         Орайларға берилген дамас автомобиллери менен алыс аймақларға шыққан ҳалда халқымызға қолайлылық жаратыў мақсетинде көшпели түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте. Атап айтқанда 2019 жыл 9 ай даўамында 1400 ден аслам, хызмет көшпели турде көрсетилген болса, 2020 жыл 9 ай даўммында болса 2 100 ден зыят хызметлер көрсетилди.

         Исбилерменлик сбьектлериниӊ мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша 2017 жыл 1-апрель кунинен баслап иске тускен 30 минут ишинде мәмлекетлик дизимге алыў системасы дуния жузлик 190 мәмлекет арасында өткерилетуғын бизнес журитиўдыӊ қолайлығы ҳәм дизимнен өткериўдиӊ аӊсатлылығы бойынша DOING BIZNESS рейтингинде 2019 жыл бойынша DOING BIZNESS рейтингинде 8 орынды ийеледи. Ҳақықатында да исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болып мәмлекетлик дизимнен өтпекши болған пуқара мәмлекетлик хызметлер орайына келип 30 минуттанда аз ўақыт ишинде орайдан исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимге алынады ҳәм сол жердиӊ өзинде онлайн таризде қәлеген банк филиалынан есап бети ашылады. Бул буннан алдынғы бар болған шеклеўлерди жоққа шығарды, исбилермен болыў ушын барлық мәкеме ҳам шөлкемелрге барып аўере болып журиўдыӊ қәжети қалмады. Бул өзгерислерде елимизде қолайлы бизнес орталығы жаратыўдыӊ, шет елли инвестрлардыӊ елимизге исветиция киритиў мақсетлерине туртки болыўына, қалаберсе елимизде исбилерменлик искерлигиниӊ ен жайып раўажланыўына хызмет етиўи созсиз.

         Жәнеде орайдағы барлық хызметлерден орайға келип яки уйден шықпастан бирден бир интерактив хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўға, өзиниӊ жасаў яки турақлы жасаў мәнзилинен қаттий нәзер қәлеген өзине жақын болған мәмлекетлик хызмет орайына барып хызметлерден пайдаланыў мумкин. Жоқарыда келтирилгенлер тек ған санлы көрсеткишлер емес бәлким пуқаралардыӊ кунделикли ҳам жыллар даўамында қыйнап келген машқалалары ҳам мәслелериниӊ жәмленмеси десекте қәтелеспеген боламыз. Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәр дайым ҳәр жерде халқымызға хызмет көрсетиўге тайын екенлигин ҳам буған беккем бел байлағанлығын халқымызға бәрелле айтқымыз келеди.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы Даўлетмуратов Бахадир Ерполатович

Skip to content