Múrájat ushın isenim telefonı

background

Депутатлар халық мүрәжатин үйренбекте.

Депутатлар халық мүрәжатин үйренбекте.

Усы жылдың 10-ноябрь сәнесинде «Моншақлы» мәкән пуқаралар жыйынында Өзбекстан Адолат социаль демократик партиясы депутаты Ө.Қыпшақбаев пуқаралар менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Адолат социаль демократик партиясы Шоманай районылық Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасы, районлық Қаржы бөлими, АКБ Агробанк, Халықбанк Шоманай филиаллары, Бәнтликке көмеклесиў орайы ҳам «Моншақлы» мәкән пуқаралар жыйыны турғынлары қатнасты.

Өзлери исенип даўыс берип сайлаған дедутатына мәкән пуқаралар жыйыны турғынлары қыйнап жүрген машқалаларын айтып, тийисли тараў қәнийгелери тәрепинен жуўаплар алды ҳәм орнында унамлы шешимин тапты. Шешилиўи ўақыт талап ететуғын машқалалар қадағалаўға алынып, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге усынылды.

Өзбекстан Адолат социаль демократик партиясы Шоманай районылық Кеңеси

Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon

Skip to content