Múrájat ushın isenim telefonı

background

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрдағы «Жасырын экономиканы қысқарттырыў ҳәм салық органлары искерлиги өнимдарлығын асырыў бойынша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6098-сон пәрманы қабыл етилди.

Пәрманда 2021-жыл 1-январдан:

  • 2022-жыл 1-январға шекем болған мүддетте улыўма аўқатланыў тараўындағы киши исбилерменлик суъбектлериниң банк карталары ҳәм контактсыз төлеўлерден пайдаланылғын ҳалда жеке пуқаралардан алынған дәраматлары улыўма белгиленген салықларды төлеўге мәжбүрий тәртипте өтиў мақсетинде жәми дәраматына киритилмеслиги белгиленди;
  • Риэлторлық искерлиги менен шуғылланыўшы шахслар ушын айланбадан алынатуғын салық ставкасы 25 пайыздан 13 пайызға пәсейтирилди;
  • Хожалық жүритиўши субъектлерге корпоратив банк карталарынан пайдаланған ҳалда товарларды (хызметлерди) шәртнама дүзбестен сатып алыўға рухсат етилди, бирақ бунда электронсчёт-фактуралар ямаса
    онлайн-касса машиналарының чеклери мәжбурий рәўиште алыныўы шәрт;
  • Қурылыс кәрханаларына есабат дәўири ушын ис ҳақы төлеў фонды жәми муғдарының 10 пайызынан аспаған ҳалда (социаллық төлем, суммасын есапқа алмағанда) ис ҳақыны нақ пулда төлеў ҳуқықы менен шәртнама дүзбестен мүддетли рәўиште жумысшылар жаллаўға рухсат етилди.
  • Бунда қурылыс кәрханалары белгиленген тәртипте жеке пуқаралардан алынатуғын дәрамад cалығы ҳәм социаллық төлемлер төлениўин тәмийинлейди, сондай-ақ, ҳәр айда шәртнама дүзбестен жалланған жумысшыларға төленген нақ пул муғдарын көрсеткен ҳалда олардың реестрин мәмлекетлик салық органларына берип барылыўы белгиленди;
  • Буннан тысқары, 2022-жыл 1-январьға шекем Салық аудити, Көшпели тексериўлерди шөлкемлестириў ушын, мәмлекетлик салық органлары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президентиниң жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқыклары ҳәм нызам тийкарында хуқықларын қорғаў бойынша ўәкилин ҳабардар қылыныўы белгилеп қойылды;
  • Тийисли министрлик ҳәм шөлкемлердиң улыўма штат бирлиги шеңберинде Мәмлекетлик салық комитети қурамында Салық қадағалаў департаменти шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Салық қадағалаў департаменти шөлкемлестирилиўи менен салық қадағалаўы жүклетилген бөлимлер ортасында артықша қағазбазлық ҳәм ўақыт сарыпланыўы кемейеди ҳәмде қадағалаў механизми бир айна принципи тийкарында тезлик пенен әмелге асырылатуғын болды.

Шоманай районы Мәмлекетлик салық инспекциясыТелеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon

Skip to content