Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.

Ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.

Ийис гази бул-күнделикли турмысымызда пайдаланып атырған тәбиий газ, қатты отын ҳәм басқада жаныўшы затлардың толық жанбаўы натийжесинде пайда болатуғын газ. Ийис гази инсан организиминиң дем алыў жоллары ҳәм дем алыў органларына күшли тәсир қылады. Ис гази дем алыў жоллары арқалы организмди, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди. Ийис газинен зәҳерлениў оның ҳаўадағы концентрациясына ҳәм тәсир етиў мүддетине байланыслы болады.

Жеңил түрдеги зәҳерлениўде- бас қатты аўырады, бас айланады, қулақлар шыңылдайды, кеўили айныйды, қусыў ҳәм өзин жоғалтыўы мүмкин.

Орташа түрдеги зәҳерлениўде – булшық етлер ҳәлсизленеди, дем алыўы қыйынласады, пульстиң урыўы тезлеседи, артерия қан басымы пәсейеди, кеўили айныйды, ақыл еси пәсейеди, уйқысы келеди. Бетте сепкил дақлар пайда болады.

Аўыр түрдеги зәҳерлениўде- адам өзин жоғалтады. Аяқлары көгерип ҳәм ағарып, бетте сепкил дақлар пайда болады. Пульстиң урыўы тезлеседи, артерия қан басымы пәсейеди,дем алыў қыйынласады ҳәм тереңлеседи, булшық етлер босасады, дем алыў тоқтайды ҳәм адам набыт болады.

Ийис газиниң ҳаўадағы өлимге алып келетуғын концентрациясы 0,08 процентти қурайды. Алды менен биринши жәрдем көрсетиў ушын, зәҳерленген адамды тез арада таза ҳаўаға алып шығыўы керек. Күнниң ыссы ўақытлары оны далаға алып шыққан жақсы. Қысқа-қысқа дем алғанда ямаса дем алыўы тоқтап қалғанда жасалма дем бериледи. Бул иләж наўқас еркин дем алыўына шекем ҳәм биологик өлим түри пайда болғанынша даўам еттириледи. Денени ўқалаў, аяқларға грелка қойыў, азырақ нашатырь спиртин пайдаланыў зәҳерлениўди тоқтатыўына алып келеди. Зәҳерленгенлерди емлеўханаларға жатқарыўы керек, себеби азырақ ўақыт өткеннен кейин өкпе ҳәм нерв системаларында аўырыўлар алып келиўи мүмкин. Емлеўханадан шыққаннан кейин наўқаслар терапевт ҳәм невропатолог бақлаўында болыўы шәрт. Егер наўқастың жағдайы жақсы болса, денениң жоқары бетин қысып турыўшы кийимлерден босатылады, ыссы шай ҳәм кофе ишкизеледи.

Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде, үйлерге печка орнатылып атырған ўақытта оның жақсы ҳәм саз ҳалда жалғаныўы, газ қулақлары, газ плитасы ямаса печке болған белгили аралықта жайласыўы, үй ишине печка орнатыўдан алдын оның морысы сазлығын көрип шығыў, газ қулақларына балалардың жақынласпаўы ҳәм оның менен ойнамаўлары, қала берсе инсан саламатлығына ҳәм өмир ушын зыянлы, қәўипли болған барлық затлар ҳаққында балаларға барқулла үйретип барыў мақсетке сай болады. Тәбиий ҳам ийис гази менен зәҳерлениў жағдайлары менен байланыслы айрықша жағдайлар жүз бериўине төмендегилер себеб болыўы мүмкин, яғный, тәбиий газдиң толық жанбаўы ақыбетинде пайда болатуғын ис газдиң тәсири, үй ишлерин ысытыў системаларына тәбиий газдиң жалғаныўы талапқа жуўап бермеўи, тәбиий газден пайдаланыўда техникалық қәўипсизлик талапларына жуўап бермеўи, ысытыў ушын мөлшерленген печкалар ямаса морылардың саз жағдайда емеслиги, жақсылап тазаланбағанлығы ҳәм басқалар.

Ханаға тәбиий газ толып қалғанын сезген жағдайда, тез арада төмендегилерди әмелге асырыў тийис, яғный, хананың әйнек-көзлерин ашып, шамаллатыў, ханада электр үскенелерин жақпаў, жанып турған болса өширмеў, ханада ушқын шығарыўшы затлардан пайдаланбаў, газ қулақларын бекитиў, газ қулақларын бекитиўдиң иләжы болмаса ямаса жарылған, сынған ҳәм тесилген жерлери анықланса, дәрҳал газ тармақларының авария хызметиниң 104 номерине хабар бериў керек.

Г.Т.Режепов Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы орынбасары аға лейтенант                                                                        

Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon

Skip to content