Múrájat ushın isenim telefonı

background

Кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын жуўапкершилик қандай?

Кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын жуўапкершилик қандай?

Бизге белгили, инсан өмири ҳәм ден-саўлығы жынаят нызамы менен қорғалады. Кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламаслық да инсан өмири ҳәм ден-саўлығына қәуип салатуғын қылмыс болып, усы жынаят пуқаралар ден-саўлығы ҳәм өмирин асрап-абайлаўы зәрүр болған шахслар тәрепинен ислениўи себепли  жәмийетлик қәуиплилиги жоқары есапланады. Себеби, инсан өз саламатлығын ҳәм өмирин буның ушын жуўапкер болған шахсларға исенип тапсырады. Бирақ кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламағанлығы ақыбетинде денеге зыян жеткизилиўи яки жәбирлениўшиниң өлиўи усы қылмыстың жәмийетлик қәўиплилик дәрежесин сезилерли дәрежеде асырады.

Кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын орынламаў яки лазым дәрежеде орынламаў кархана, шөлкем ҳәм мекемениң абырайына да өзиниң кери тәсирин тийгизеди. Бул машқала илмий-техника раўажы ҳәмде қәнийге кадрлардың кәсиплик искерлигине қойылатуғын талаплар асып баратырған ҳәзирги даўир шараятларына айрықша әҳимийетке мәселе есапланады.

Сондай-ақ, ақырғы жылларда кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын орынламаўақыбетинде жәбирлениўшилердиң қайтыс болыўы ҳәм олардың ден-саўлығына зыян жеткизиў жағдайлары көбейди. Буннан тысқары, әмелиятда суд-тергеў хызметкерлери усы жынаятларды квалификация қылыўда статьялар бәсекисине алып келип, көп ҳалларда жынаят нызамы нормаларын туўры түсиниўде базы қыйыншылықлар туўылады.

Өзбекистан Республикасыныңәмелдеги Жынаят кодекси
116-статьясында кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын жынайыйжуўапкершилик белгиленген. Кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламаўды аўырластырыўшы жағдайларды үйрениў, олардытерең үйрениў, усы жынаятларды квалификация қылыў ҳәм усы қылмыс ушын жаза тайынлаўдаайрықша әҳимийетли есапланады. Себеби жуўапкершиликти аўырластырыўшы ҳалатта жынаят исленгенде, оның жәмиетлик қәўиплилик дәрежеси артады, соған муўапық аўыррақ жаза тайынланады.

ЖК 116-статьясы төрт бөлимнен ибарат болып, оның  биринши бөлиминде шахстың өз кәсибине бийпарўалығыяки инсапсызлық пенен мүнәсебетте болыўы себепли кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын орынламағанлығыяки лазым дәрежеде орынламағанлығыденеге орташа аўыр яки аўыр жарахат жетиўине сабеп болса, үшжылға дейин арнаўлы ҳуқықтан айырыў яки үш жүз саат мәжбүрий жәмәәт ислери ямаса еки жылға шекем мийнетте дүзетиў ислери менен жазаланыўы белгилеп қойылған.

Усы статьяның екинши бөлиминде нызам яки арнаўлы қағыйдларға муўапық наўқасқа жәрдем көрсетиўи шәрт болған шахстың уизрли себепсиз сондай жәрдем көрсетилмегенлиги денеге орташа аўыр яки аўыр жарахат жетиўине сабеп болса, базалық есаплаў муғдарының жүз барабарыдан еки жүз барабары муғдарында жәрийма яки үшжылдан бес жылға дейин арнаўлы ҳуқықтан айырыўямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа дейинмәжбүрий жәмәәт ислери ямаса еки жылдан үш жылға дейин мийнетте дүзетиў ислери менен жазаланыўы белгилеп қойылған.

ЖК 116-статьясының үшинши бөлиминде усы статьяның биринши яки екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар абайсызлық арқасында адам өлиўине себеп болса, еки жылдан бесжылға дейин азатлықты шеклеў яки бесжылға дейин еркинен айырыў жазасы менен жазаланыўы мүмкин.

Усы статьяның төртинши бөлиминде усы статьяның биринши яки екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар абайсызлық арқасында: 
а) адамлар өлимине; б) басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, бес жылдан сегиз жылға дейин еркинен айырыў жазасы менен жазаланыўы көрсетип қойылған.

Е.Абибуллаев

Жынаят ислери бойынша

Қанлыкөл район суды баслығы

Skip to content