Мәмлекетимизде халық санын анық есаплап шығыў, олардың жынысы, жасы, семялық жағдайы, мағлыўматы, турмыс дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәмде басқа демографиялық, социал-экономикалық қасийетлери бойынша бирден бир мағлыўматлар базасын жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрман 2019 жыл 5-февралда қабылланған еди.
Усы ҳүжжет пенен тастыйықланған концепцияға тийкарланып Өзбекстанда 2022 жылда халықты дизимге алыў жумысларын алып барыў көзде тутылған.
Концепцияға муўапык, ҳәр бир жуўапкер шөлкемлерге тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген ҳәм халықты дизимге алыўды өткериў бойынша ўәкилликли орган Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети болып табылады.
Пәрманда белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийнлеў бойынша алып барылған жумыслар нәтийжесинде Өзбекстан Республикасының “Халықты дизимге алыў ҳаққындағы” Нызамының жойбары ислеп шығылды. Нызамға, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәмде Сенаты мақуллағаннан соң, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2020 жыл 16 мартта қол қойылды.
Нызам бес бап ҳәм 31 статьядан ибарат. Онда халықты дизимге алыўды өткериў бойынша тийкарғы түсиниклер, мақсети, ўазыйпалары, принциплери, дизимге алыўды өткериўге көмеклесиўши комиссиялар, мәмлекетлик ўәкилликли орган, мәмлекетлик басқарыў органлары ўазыйпалары, министрликлердиң, мәмлекетлик комитетлердиң ҳәм шөлкемлердиң халықты дизимге алыўда қатнасыўы белгилеп берилген.
Нызамда сондай-ақ халықты дизимге алыўда туўрыдан туўры қатнасатуғын шахслар респондентлар ҳәмде дизимге алыўшы қәнийгелердиң ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары көрсетилген.
Нызам менен халықты дизимге алыўды өткериў дәстури, мағлыўматларды топлаў, қайта ислеў ҳәм жуўмақлаўшы нәтийжелерди жәриялаў тәртиплери, халықты дизимге алыўды өткериўге таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша илажларды қаржыландырыў дереклери белгилеп берилген.
Усы нызамға тийкар өткерилетуғын дизимге алыў процесси республикамыздың барлық қала, районларынының мәҳеллеси – көшесинен баслап, шеттеги ҳәм алыстағы аўылларға шекем тийисли болған барлық мағлыўматты өзинде жәмлеген бирден бир мағлыўмат базасын жаратыў имканын береди. Топланған мағлыўматлар келешекте аймақларды социал экономикалық раўажландырыў дәстурлерин ислеп шығыўға беккем тийкар болады.
Шоманай районы статистика бөлими жетекши қәнийгеси Ф.Бекимбетов