Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пуқаралар мүрәжатлери орнында шешилмекте.

Пуқаралар мүрәжатлери орнында шешилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, барлық министрликлер, сектор баслықлары ҳәм шоманай районы пуқаралар қатнасыўында көшпели қабыллаў өткерилди.

Көшпели қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Е.Дурдиев, Қарақалпақсатн Республикасы ишки ислер Министри орынбасары М.Рахматуллаев, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы орынбасары С.Ерниязов ҳәм тараў қәнийгелери қатнасты.

 Көшпели қабыллаўда Шоманай районы жаслары өзлериниң пикир усынысларын билдирип өтти. Сондай-ақ пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған турмыслық машқалаларын айтып, тийисли қәнийгелер тәрепинен нызамлы түрде үйренилип, орнында унамлы шешимин тапты.

Солардан «Ақ жап» АПЖ аймағында жасаўшы 1993-жылы Туркменстан Республикасынан көшип келген Жамалов Муратбайдың шаңарақ ағзаларына жәми 7 пуқаралық паспортына ийе болмаған пуқараларға сол жердиң өзинде Өзбекстан Республикасы пуқаралық паспортлары берилди.

Сондай-ақ көшпели қабыллаўда мүрәжат еткен «Қарабайлы» МПЖ пуқарасы Уббиева Улсараға еситиў аппараты, «Ақ жап» АПЖ пуқарасы Басымбетова Зулфияға майыплық арбашасы берилди. 

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.Телеграмм каналымызға ағза болық @shomanay_rayon

Skip to content