Апатшылық бул алдыннан ескертилмей келетуғын жаў. Бундай жағдайда биринши нәўбетте пуқаралар қәўипсизлигин сақлаў, олардың өмирин асырап қалыў, биринши нәўбеттеги ўазыйпа болып саналады. Тәбийий апатлар суў тасқыны, өрт, жер силкиниў ҳәм басқада апатларда пуқараларға биринши жәрдем көрсетиў, оларды эвакуация қылыўдай ўазыйпаларды атқарыў ушын жаўынгер топар дүзиледи. Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар Министриниң 2020-жыл 27-октябрь күнги 323-санлы көрсетпеси тийкарында районда шөлкемлестирилген «Айрықша жағдайлар мәмлекетлик система»сы сайланды топарлар дүзилген болып, олардың жаўынгерлик таярлығы тексерилди.
Шоманай район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon