Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы жойбарында жоқары оқыў орынлары, улыўма билим бериў мектеплерине ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине айрықша итибар қаратылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын жәнеде жетилистириў, илим-пән тараўының раўажланыўын жеделлестириўге байланыслы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманда билимлендириў тараўы хызметкерлерин материаллық хошаметлеў тәртиплери, педагоглардың кәсиплик тәжирийбесин ҳәм мийнет нәтийжелилигин турақлы асырып барыў ушын оларға шараятлар жаратыў, тәжрийбе асырыў системасын “Өмир даўамында оқыў” бағдары тийкарында муўапықластырып барыў белгиленген. Улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилериниң жоқары оқыў орынлары, профессионал билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кириў ҳәмде жумысқа орналасыў көрсеткишлери тийкарында директор жамғармасы қаржылары есабынан улыўма билим бериў мектеплери басшы хызметкерлери төмендегише мийнетке ис ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарында хошаметленеди:
оқыўшыларының 95 пайызы ҳәм оннан артық оқыўшылары жоқары оқыў орынлары,профессионал билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыл етилген ҳәмде жумысқа орналасқан директорларға – 12 есе, директордың оқыў ислери бойынша орынбасарларына – 6 есе;
оқыўшыларының 90–94 пайызы ҳәм оннан артық оқыўшылары жоқары оқыў орынлары,профессионал билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыл етилген ҳәмде жумысқа орналасқан директорларға – 9 есе, директордың оқыў ислери бойынша орынбасарларына – 4,5 есе;
оқыўшыларының 85–89 пайызы ҳәм оннан артық оқыўшылары жоқары оқыў орынлары,профессионал билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыл етилген ҳәмде жумысқа орналасқандиректорларға – 6 есе, директордың оқыў ислери бойынша орынбасарларына – 3 есе хошаметленетуғынлығы атап көрсетилген.
2020-жыл 30-сентябрь күнги Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен өткерилген “1-октябрь Оқытыўшылар ҳәм тәрбияшылар байрамын өткериў ҳаққында”ғы селектор мәжилиси болып өткен еди.
Селектор мәжилисиниң жуўмағы менен 2019-2020-оқыў жылындаулыўма билим бериў мектеплериниң 11-класын жәми 554 оқыўшы питкерип, солардан 74 оқыўшы (13,3%) жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етилди.
Солардан жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде жоқары көрсеткишлерге ийе болған 2, 5, 14, 15, 22-санлы улыўма билим бериў мектеплери ҳәм Шоманай агроэкономика кәсип-өнер колледжи директорларын хошаметлеў бойынша район ҳәкими орынбасарлары, халық билимлендириў бөлими баслығы ҳәм Шоманай агроэкономика кәсип-өнер колледжи директорының билдирген усынысына тийкар район ҳәкимлигиниң 2020-жыл 30-сентябрь күнги 92-Б-санлы бийлиги қабыл етилди.
Атап айтқанда 5-санлы улыўма билим бериў мектебин 16 оқыўшы питкерип, соннан 7 оқыўшы – 43,8 пайыз,
2-санлы улыўма билим бериў мектебин 18 оқыўшы питкерип, соннан 7 оқыўшы – 38,9 пайызға ерискенлиги ушын 2, 5-санлы мектеп директорларына 2 000 000 (еки миллион) сўмнан район ҳакимлиги резерв қорындағы қаржылар есабынан хошаметленеди.
14-санлы улыўма билим бериў мектебин 20 оқыўшы питкерип, соннан 4 оқыўшы – 20 пайыз,
15-санлы улыўма билим бериў мектебин 36 оқыўшы питкерип, соннан 7 оқыўшы – 19,4 пайыз,
22-санлы улыўма билим бериў мектебин 11 оқыўшы питкерип, соннан 3 оқыўшы – 27,3 пайыз,
Шоманай агроэкономика кәсип-өнер колледжин
77 оқыўшы питкерип, соннан 15 оқыўшы – 19,5 пайызға ерискенлиги ушын 14, 15, 22-санлы
мектеп ҳәм Шоманай агроэкономика кәсип-өнер колледжи директорларына
1 000 000 (бир миллион) сўмнан район ҳакимлиги резерв қорындағы қаржылар
есабынан хошаметленеди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon