Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы «Исбилерменлик ҳәрекети ҳәм өзин бәнт қылыўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПК-4742-санлы қарары қабыл етилип, бул қарар мазмуны бойынша салық органлары тәрепинен район халқына кең түрде түсиник жумыслары алып барылды ҳамде бул жумыслар бүгинги күнге шекем даўам еттирилип келинбекте.
Бул қарар тийкарынан Президентимиздиң басламасы менен халықтың жумыссыз қатламын нызамлы мийнет пенен тәмийнлеўге бағдарланған болып, қарарда 67 түрдеги ис-ҳәрекет, хызметлер, жумыс түрлери менен шуғылланыўға имкәният жаратылып берилген.
Бунда тийкарынан, өзин-өзи бәнт қылған пуқараларды дизимге алыў, бул хабар бериў тәртибинде өзин-өзи бәнт қылған сыпатында дизимнен өткенлигин тастыйқлаўшы матрицал штрих код берилген ҳалда арнаўлы мобиль қурылмалар ямаса салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы әмелге асырылады.
Сондай-ақ қарар менен өзин-өзи бәнт қылған пуқаралар 2020-жыл ушын социаллық салықты өзин-өзи бәнт қылған шахс сыпатында ҳақыйқатта ислеген ўақтына қарамастан базалық еасплаў мўғдарының 50 пайызы муғдарында яғный 111,500 сум төлейди ҳәм бул пуқараларға жеке исбилерменлик ушын белгиленген пенсия есаплаў ушын дәраматлар көлеми есапланады.
Ҳүрметли Президентимиздиң халыққа кең түрде берип атырған имкәниятлары нәтийжесинде, халықтың бос, жумыссыз қатламынан район бойынша 2020-жыл 1-октябрь жағдайына 486 пуқара өзин-өзи бәнт қылып, усы қарар талаплары бойынша өзин-өзи бәнт қылған пуқара сыпатында дизимнен өткерилип, пуқаралардың нызамлы мийнет пенен шығылланыўына имкәният жаратылды.
Шоманай районы мәмлекетлик салық инспекциясы