Múrájat ushın isenim telefonı

background

ДИНИЙ ЭКСТРЕМИЗМ ҲӘМ ТЕРРОРИЗМ АҚЫБЕТЛЕРИ

ДИНИЙ ЭКСТРЕМИЗМ ҲӘМ ТЕРРОРИЗМ АҚЫБЕТЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң, 155-статьясы 1-бөлиминде усы жынаят түсиниги;

терроризм-бул халы­қаралық қатнасықларды шийеленистириў, мәмлекеттиң, суве­ренитетин, аймақлық пүтинли­гин бузыў, қәўипсизликке қәўип салыў, урыс ҳәм қураллы жәнжеллерди келтирип шыға­рыў, жәмийетлик-сиясий жағ­дайды турақсызландырыў, ха­лықты қорқытыў мақсетинде мәмлекетлик уйымды, халықа­ралық шөлкемди, олардың ҳәмелдар шахсларын, физика­лық ямаса юридикалық шахсты қандай да бир ис-ҳәрекетти әмелге асырыўға яки болмаса әмелге асырыўдан тыйылыўға мәжбүрлеў ушын зорлық, күш жумсаў, шахс яки мал-мулкке қаўип туўдырыўшы басқа қыл-мыслар ямаса оларды әмелге асырыу басымы, сондай-ақ, терроршылық шөлкемниң, пайда болыўын, ислеп турыўын, қаржыландырылыўын тәмийинлеўге, терроршылық ҳәрекетлерди таярлаў ҳәм ислеўге, террор­шылық шөлкемине ямаса терроршылық ис-ҳәрекетине жәрдем берип атырған яки бундай ҳәрекетте қатнасып атырған шахсларға тиккелей яки тиккелей емес ҳәр қандай қаржы, қураллар, ресурслар бериў және жыйнаўға басқа хызметлер көрсетиўге қаратылган ис-ҳәрекет деп тәрийипленген.

Усы статьяның, биринши бөлиминде, терроризм жынаятын ислеген шахслар сегиз жылдан он жылға шекем, екинши белимине тийкарланып он жылдан он бес жылға шекем, үшинши бөлимине тийкарла­нып, он бес жылдан жигирма бес жылға шекем еркинен айырыў ямаса өмирликке ерки­нен айырыў жазасы менен жазаланады.

Усы статьяның төртинши бөлиминде, терроризмди таярлаўда қатнасқан шахс, егер ол ҳәкимият уйымларына өз ўақтында хабар бериў ямаса басқа усыл арқалы аўыр ақыбетлердиң, жүзеге келиўиниң алдын алыўға белсене жәрдем берген болса, бул  шахстың ҳәрекетлеринде жынаяттың басқа қурамы болма­са, бундай азат етилиўи, яғный жынайый жуўапкерликке тартылмаўы нәзерде тутылған.

Шоманай районы ИИБ ТЭКГТаға оператив ўәкили капитан     А.С.Сапаров

Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon

Skip to content