Múrájat ushın isenim telefonı

background

Бийбижамалдың бийик пәрўазы

Бийбижамалдың бийик пәрўазы

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Түркий тиллер факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 3-курс студенти Бийбижамал Жәдигерова бүгин институтымыз мақтанышына айланды.

 Ол 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен Өзбекстан Руўхый ағартыўшылық орайы тәрепинен өткерилген «Қәдириң бәлент болсын, Ана тилим» таңлаўында «Ең жақсы публицистикалық мақала» бағдарында сыйлы 3-орынды ийеледи.

 Жаслығынан әдебиятқа қызыққан, мектеп дәўирлеринен газеталарда өзиниң кишигирим мақала, гүрриң ҳәм қосықлары менен көринип жүрген Бийбижамал факультет ҳәм институт көлеминде өткерилип киятырған таңлаўларға, түрли әдебий кешелерге де белсене қатнасып келмекте.

 «Ырасы, мақалам орын ийелеўине онша исенген жоқ едим. Себеби таңлаўға қатнасыўшылардың жасы шекленбеген, Жазыўшылар Аўқамына ағза жасы үлкен шайыр-жазыўшылар, журналистлер де қатнасқан еди. Елеге шекем исене алмай атырман, қуўанышымның шеги жоқ», — дейди биз бенен сәўбетте болған жас талант ийеси. 

 Биз Бийбижамалдың оқыўларында, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз. Қәлеми еле де өткирлесип, пәрўазы бәлентлей берсин.

Аллаяр Дарменов,НМПИ магистранты.

Skip to content