Múrájat ushın isenim telefonı

background

Халық депутатлары Шоманай районылық Кеңесиниң 17-сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Шоманай районылық Кеңесиниң 17-сессиясы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын жәнеде жетилистириў, илим-пән тараўының раўажланыўын жеделлестириўге байланыслы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы жойбарын кең жәмийетшилик арасында үгит–нәсият қылыўға қаратылған Халық депутатлары Шоманай районылық Кеңесиниң 17-сессиясы болып өтти.

Сессияны Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси баслығы район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди ҳәм басқарып барды. СессияғаӨзбекстан Республикасы Олий мәжилиси сенаторлар ағзасы У.Жалменов, сектор баслықлары, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутатлары, Халық билимлендириў хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын жәнеде жетилистириў, илим-пән тараўы раўажланыўын жеделлестириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Пәрманы жойбарын кең жәмийетшилик арасында үгит – нәсият қылыў мәселеси қойылды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content