Базар экономикасында монополияға қарсы гүресиў ең аҳмийетли фактор есапланады. Себеби азық-аўқат, гөш, палыз өнимлериниң баҳасы кескин көтерилиўи бул пуқаралардың экономикалық жағдайына өз тәсирин көрсетеди.
Сол мүнәсибет пенен Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы бас Прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Шоманай районлық бөлими менен биргеликте райондағы шарўа фермер хожалықларының гөш өнимлерин арзан баҳада пуқараларға сатыў бойынша кесте дүзилип, 42 мыңнан халыққа арзан баҳада сатыў жолға қойылды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon