Республикамызда жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мәмлекетимиздиӊ тийкарғы ўазыйпаларыныӊ бири есапланады. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетимизде «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәртери»н қәлиплестириў, оларды мәнзилли кесте тийкарында басқышпа-басқыш турақлы жумыс пенен бәнт етиў бойынша берилген тапсырмасына тийкар, Шоманай районында шөлкемлестириў штабы дүзилди. Штабқа бириктирилген ағзалар оқытылып, бүгинги күнде сектор ағзалары аймақларда үйме-үй жүрип жумыссыз ҳаяллар ҳәм жаслардыӊ дизимин қалиплестириў жумысларын алып бармақта. Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети