Шоманай районы ҳәкими басламасы менен пуқаралардың ўақытын тежеў ҳәм туўрыдан-туўры район ҳәкимине электрон мүрәжат жоллаўды жолға қойыў мақсетинде мүрәжатлерди қабыллаў телеграмм группасы шөлкемлестирилди ҳәм бүгинги күнде пуқаралар өз мүрәжатлерин жоллап, тараў қәнийгелери тәрепинен тийислилигинше үйренилип, өз шешимин таппақта.
Шоманай районы Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери пуқаралардан келген мүрәжатлерди ўақтында үйренип унамлы шешпекте.
Райондағы «Наўрыз», «Моншақлы», «Мәденият» мәкән пуқаралар жыйынларындағы көшелерде жақтыландырыў бойынша оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
Телеграмм каналға ағза болыў @shomanay_rayon