Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ҳүрметли пуқаралар гүз-қыс мәўсиминде айрықша жағдайлардан сақланайық!

Ҳүрметли пуқаралар гүз-қыс мәўсиминде айрықша жағдайлардан сақланайық!

Сонғы ўақытлары ҳаўа райының кескин суўытып кетиўи күтилмекте. Сол себепли сизлерден газ ҳәм электр үскенелеринен, дурыс пайдаланыўынызды, жылытыў үскенелериниң морыларын және бир мәрте көзден өткериўиңизди, жасалма ысытыў үскенелеринен пайдаланбаўыңызды, жас өспирим балаларды жалғыз таслап от пенен ойнаўына жол қоймаўыңызды соранамыз.

Хүрметли пуқаралар! Сизлерден және бир мәрте төмендеги өрт қәўипсизлиги әмел қылыўыңызды соранамыз.

– Жылытыў үскенелерин қараўсыз қалдырмаң ҳәм ҳәдтен тысқары қызып кетиўине жол қоймаң.

– Газ үскенелеринен дурыс пайдаланың ҳәм газ ийисин сезсеңиз, электр үскенелерин қоспаң, шырпы жақпаң, егер газ ийисин сессеңиз тез арада              104-номерине хабар бериң.

– Бөлмелерди қыздырыў ушын ҳәр қыйлы жасалма түрде исленген газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланбаң.

– Газ үскенелерин резиналы, насаз шлангалар ҳәм газ сорыўшы насослардан пайдаланбаң.

– Электр тоқ сымлары монтажы электр қурылма қағыйдаларына масластырылған ҳалда ислениўи тийис.

Айтылған өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибарлылық пенен қарасақ бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алып, шаңарағымыз аманлығын, хожалықларымыздағы мүлклеримизди өрт жаўынан асыраймыз. Буны өзимиздиң тийкарғы ўазыйпамыз деп билсек, сонда ғана биз өрттиң алдын алған боламыз.

Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими Норматив техник бөлимшеси баслығы лейтенант М.Ж.Айымбетов

Skip to content