Халықты дизимге алыўдың тарийхы.
Халықты дизимге алыў аййемги Мыср, Афина, Рим ҳамде Қытайда пайда болған. Халықты биринши марте расмий турде дизимге алыў 1790 жылы Америка Қурама Штатларында өткерилген. Кейин ала бул тадбир Европа мамлекетлеринде жолға қойыла баслаған. 1800 жылда Швеция ҳам Финляндияда, 1801 жылы Англия, Дания, Норвегия ҳам Францияда өткерилген. Бирақ бул дизимге алыўлар апыўайы көринисте болып, узақ ўақытты талап еткен. АҚШ та бул жумыслар 18 ай даўамында амелге асырылған. Екинши жаҳан урысынан кейин халыктың дизимин алыў системасы жанеде жетилистирилди. 1945-1954 жылларда 151 мамлекетте, 1965-1974 жыллары 179 мамлекетте халықты дизимге алыў жумыслары өткерилген. Ҳазирги даўирде ҳар бир жамиетте халықтың дизимин алыў, географик жайласыўы ҳамде миллий қурамынан келип шығып, кеминде ҳар он жылда өткерилиўи тартипке айланбақта.
Халықты дизимге алыўдың зәрүрлиги неден ибарат.
Ҳәммемизге мәлим Өзбекстан Республикасында ғарезсизлик жылларында халықты толық дизимге алыў өткерилмеди. Бул өз гезегинде халықтын саны, жасы-жынысый ҳамде миллий қурамы, халықтың аймақларда жайласыўы, бантлиги ҳаққындағы мағлыўматларды қолланыўда қыйыншылық туўдырады.
Халықты дизимге алыў мамлекетимизде жасаўшы халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, өмир дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәмде басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық характерлеў имканиятын береди ҳамде бул көрсеткишлер келеси 30-жыллық раўажланыў прогнозын белгилеўде беккем тийкар болып табылады, аймақларды раўажландырыў ҳам халықтың социаллық қорғаўға мүтаж қатламларына жардем көрсетиу бойынша ис илажларды белгилеп алыўда исенимли мағлыўмат базасы болып табылады.
Халықаралық шөлкемлер талабы.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 2015 жыл 10 июндағы «2020-жылда халық ҳәм үй-жай фондын дизимге алыўдағы принциплер хам усыныслар» ҳаққындағы резолюциясына муўапық, шөлкемге ағза мамлекетлерге халық санын анық есаплап шығылыўын тәмийинлеўди қатаң усыныс етпекте.
Усы Резолюция талапларын орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2019 жыл 5-февралда «Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПФ-5655 санлы пәрманы қабылланды.
Халықты дизимге алыўдың нызамлы тийкарлары
Президент парманы менен тастыйықланған Концепцияға муўапық, ҳар бир жуўапкер шөлкемлерге тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген ҳам халықты дизимге алыўды өткериў бойынша ўәкилликли орган Өзбекстан Республикасы Мамлекетлик статистика комитети болып табылады.
Пәрманда белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тамийнлеў бойынша алып барылған жумыслар натийжесинде Өзбекстан Республикасының “Халықты дизимге алыў ҳаққындағы” Нызамының жойбары ислеп шығылды. Нызам, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси төменги палатасы ҳамде Сенаты мақуллағаннан соң, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2020 жыл 16 мартта имзаланды.
Нызамда халықты дизимге алыўды өткериў бойынша тийкарғы тусиниклер, мақсети, ўазыйпалары, принциплери, дизимге алыўды өткериўге көмеклесиўши комиссиялар, мамлекетлик ўәкилликли орган, мамлекетлик басқарыў органлары ўазыйпалары, министрликлердиң, мамлекетлик комитетлердиң ҳам шөлкемлердиң халықты дизимге алыўда қатнасыўы белгилеп берилген.
Халықты дизимге алыўдың басқышлары.
Республикамызда 2022-жылда халықты дизимге алыў ислери шет ел мамлекетлери тажрийбесинен келип шығып уш басқышта әмелге асырылады.
Биринши басқышта малимлеме тусиндириў жумысларын алып барыў, дизимге алыў жумысларын шөлкемлестириў ушын тийисли имарат, транспорт ҳам байланыс қураллары менен тамийнлеў, басқада шөлкемлестириў маселелери көрип шығылады.
Екинши басқышта тиккелей халықты дизимге алыў ислери алып барылады.
Ушинши басқыш дизимге алыў материалларын кодлаў, автоматластырылған қайта ислеў ҳамде мағлыўматларды жариялаўды өз ишине алады.
Илаждан күтилип атырған натийжелер.
Халықты дизимге алыўда сырт ел тәжрийбеси, заманагөй технология ҳам методикалардан пайдаланған ҳалда мамлекетимизде жасаўшы халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, өмир дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәмде басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлерин анық есаплап шығыў ўәзыйпасы қойылған.
Буның натийжесинде халықтың жасаў жағдайы, бәнтлиги, жумыс орынларын жаратыў, турақлы раўажланыў миллий мақсетлери индикаторын ислеп шығыў, мийнет ресурслары жайласыўы ҳәмде олардан пайдаланыў процесслерин уйрениў бойынша ҳүкиметтиң узақ ҳәм қысқа муддетли социаллық-экономикалық раўажланыў дастурлери ислеп шығылады.
Басқаша айтқанда, халықты дизимге алыў тек ғана статистикалық мақсетлер ушын хызмет қылып қалмастан, мамлекеттиң социал-экономикалық жағдайын анықлаўдада улкен әҳмиетке ийе болып табылады.
Шоманай районы статистика бөлими.