Усы жылдың 20-октябрь күни Шоманай районы Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде “Ең китапқумар мектеп” акциясы ҳәм Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыў мүнәсибети менен салтанатлы кеше шөлкемлестирилди.
Салтанатлы кешеге район ҳәкими Бахадир Янгибаев, Китап тармақ ҳәм китаплар дуньясы директоры Илхам Охуджанов, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы Есимхан Қанаатов, районлық ХББ баслығы Өмирзақ Султамуратов ҳәм райондағы барлық мектеп директорлары, бир қатар мектеп оқыўшылары қатнасты.
Өткерилген илажда район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған китаплар мектеп директорларына саўға ретинде тапсырылды.
Райондағы 16-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы Нурымбетова Маликаның “Шыпакер қыз боламан” атлы китабы ҳаққында айтып өзи дөреткен қосық қатарларынан оқып бергенинде китап тармақ ҳәм китаплар дуньясы директоры Илхам Охуджанов қәўендерлик есабында жаңадан бийпул баспадан шығарып бериў усынысын билдирди.
Бул өз гезегинде Малика ушын үлкен үмит ҳәм қуўаныш бағышлады. Сондай-ақ илаж барысында мектеп оқыўшылары, тәрепинен өзбек әдебияты ўәкиллериниң косык қатарларынан үзиндилерди шеберлик пенен атқарды.
Илажлар жуўмағында үй шараяты тәрбияланыўшыларының жағдайларынан хабар алынып, оларға район ҳәкимлиги тәрепинен китаплар саўға етилди.